Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигиниң басламасы менен 9-декабрь күни министрлик басшылығы, сырт мәмлеклердиң Ташкент қаласында аккредитациядан өткен дипломатиялық мәкемелери ҳәм халықаралық шөлкемлер ўәкилханаларының басшылары қатнасыўында дөгерек сәўбети шөлкемлестирилди.

Илажда халықаралық майданда Өзбекстанның жаңа келбетин қәлиплестириўдиң концептуал мәселелери бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысылды, мәмлекетимиз сыртқы сиясий жумысының заманагөй бағдарлары, тийкарғы  тәреплери додаланды. Сондай-ақ, соңғы жылларда сыртқы сиясат тараўында әмелге асырылған кең көлемли жумыслардың жуўмағы, нәтийжеси талланды.

Мәмлекетимиз сыртқы ислер министри Абдулазиз Комилов  2021-жыл Өзбекстан ҳәм республиканың халықаралық қатнасықлары ушын айқын сиясий ўақыяларға, нәтийжели дипломатиялық байланысларға бай болғанын атап өтти.

Жоқары дәрежедеги сапарлар алмасыўы болып өтти, тийкарғы сиясий шериклер менен еки ҳәм көп тәреплеме формаларда қатнасық жедел раўажланды.

Жаңа жылда да республикамыздың сыртқы сиясаты стратегиясының тийкарғы мақсети мәмлекетимиздиң жедел ҳәм турақлы сиясий, социаллық-экономикалық, дүнья жүзилик ҳәм демократиялық раўажланыўын тәмийинлеў болып қалады. Ең әҳмийетли ўазыйпа – бәринен бурын, Орайлық Азия  мәмлекетлери менен жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық  шериклик  қатнасығын  және де беккемлеўден ибарат.

Министр,  сондай-ақ, Аўғанстанға жәҳән жәмийетшилигиниң улыўма қатнасын ислеп шығыў, бунда ағымдағы жағдайды халықаралық изоляция ҳәм кең  көлемли  кризиске алып бармаў әҳмийетли  екенлигин атап өтти.

Улыўма алғанда, Өзбекстанның сыртқы сиясат стратегиясының тийкарғы халықаралық тенденцияларынан бири – регионаллық бирге ислесиўди экономикалық өсиў, мәмлекетлердиң можернизациясы ҳәм турақлы раўажланыўы факторына айландырыў, заманагөй қарама-қарсылықларға жуўап бериўге таярлықты күшейтиўде өз көринисин тапқан.

Өз гезегинде, сырт мәмлекетлердиң дипломатиялық ўәкилханаларының басшылары кейинги жылларда Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Жаңа Өзбекстан ерискен әҳмийетли жетискенликлерди айрықша атап өтти.

Барлық сырт мәмлекетлер менен шериклик ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиў, әсиресе, саўда, инвестиция, транспорт-коммуникация қатнасықларын раўажландырыў бағдарларында жеделлесип атырғаны атап өтилди.

Сырт ел дипломатиялық миссиялары басшылары, Өзбекстанның көп тәреплеме структуралар шеңбериндеги салмақлы жумысы, соның ишинде, республиканың БМШ Инсан ҳуққлары кеңесине ағза етип сайланғаны, БМШ Бас Ассамблеясында әҳмийетли басламалар алға қойылғаны, ШБШ ҳәм ЭБШға  басшылық, басқа да халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер менен избе-из бирге ислесиў бағдарындағы жумысқа әҳмийет берди.

Дөгерек сәўбетлесиўине қатнасыўшылар тәрепинен Өзбекстанның Орайлық Азия регионы ҳәм улыўма халықаралық майдандағы белсендилиги, әҳмийети сезилерли дәрежеде артып атырғаны айрықша атап өтилди.

 

Ғайрат ХОННАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы