Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинде Мәмлекетлик хызметлер агентлиги шөлкемлестирилгениниң 4 жыллығы мүнәсибети менен баспасөз әнжуманы болып өтти.

 Илажда агентлик директоры Улуғбек Муҳаммадиев өткен дәўир ишинде әмелге асырылған жумыслар, тараўдағы соңғы жаңалықлар ҳәм алда турған әҳмийетли ўазыйпалар туўралы кең түрде түсиник берди.

Атап өтилгениндей, буннан төрт жыл бурын, анығырағы 12-декабрь күни мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң миллий системасын түп-тийкарынан реформалаў бойынша исенимли қәдем тасланды. Президентимиздиң басламасы менен жаңа шөлкемниң жумысына тийкар салынды. Оның тийкарғы ўазыйпалары етип, бюрократия ҳәм коррупцияның алдын алыў, халқымыздың мәмлекетлик уйымларға болған исенимин ақлаў етип белгиленди.

Елимиз басшысының «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи керек» деген уллы идеяны сүрен еткен ҳалда шөлкемлестирилген Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги тәрепинен өткен жыллар ишинде бир қатар дыққатқа ыллайықлы жумыслар әмелге асырылды. Соның нәтийжесинде бүгинги күни Мәмлекетлик хызметлер орайлары халқымыз ушын әҳмийетли ҳәм керекли хызметлерди алыў мүмкин болған орынға айланып үлгерди.

Келиўшилер ушын қолайлы болған Мәмлекетлик хызметлер орайларының 160 қа шамалас (70 мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында) инновациялық имаратлар қурылды, 40 қа жақын имаратта қурылыс жумыслары алып барылмақта. Бул жерде инсанның күнделикли турмысында керекли болған хызметлерден артықша әўерегершиликлерсиз ҳәм ең әҳмийетлиси, жасаў мәнзилине қарамастан, экстерриториаллық принцип тийкарында пайдаланыўы мүмкин.

Бүгинги күни мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў тараўы менен байланыслы 129 нызам ҳүжжети ислеп шығылды, 100 ден аслам ҳәкимшилик регламент қабыл етилди. Соның нәтийжесинде талап етилетуғын ҳүжжетлер 181ден 86 ға азайтылды, хызмет көрсетиў мүддети де 499 күннен 271 күнге қысқартылды. Өткен 4 жылда 40 миллионнан зыят мәмлекетлик хызмет көрсетилди.

Мәмлекетлик хызметлер агентлиги ҳәр бир пуқараға, жасаў мәнзилине қарамастан, сапалы мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўына айрықша итибар қаратпақта. Атап айтқанда, мәмлекетлик мәкемелердиң арасында бириншилерден болып «мобиль», яғный көшпели қабыллаў мәмлекетлик хызмети жолға қойылды.

Дем алыс күнлери МХО хызметкерлери арнаўлы техникалар менен үскенеленген транспортлар арқалы  барыў қыйын болған шетки ҳәм таўлы аймақларда жасаўшы халыққа хызмет көрсетиў мақсетинде орынларға барып, оларға керекли ҳүжжетлерди усынады. Усы күнге шекем бул усылдан пайдаланған ҳалда 1 миллионға шамалас көшпели хызмет көрсетилди.

Орайлардың тийкарғы ўазыйпаларының қатарында, пуқаралардың мәмлекетлик уйымлардың мәкемелер менен байланысларды имканиятына қарай азайтылған системаны жаратыў болып табылады. Буларды әмелге асырыўдан тийкарғы мақсет болса-мәмлекетлик мәкемелердиң архив ҳүжжетлериниң санлы көриниске өткерилиўи және мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў процесинде керекли болған мағлыўматлардың электрон  системасын жаратыўдан ибарат. Мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў буннан да қолайлы болыўы ушын агентлик қәнигелери тәрепинен электрон санлы қол таңбаны онлайн алыў имканияты жаратылды.

Исбилерменлик тараўында бир қанша процесслер аңсатластырылды. Енди бизнести дизимге алыў менен бир ўақытта 30 коммерциялық банк те есап бетин ашыў имканияты жаратылды. Юридикалық тәреп болған исбилерменлик субъектлерин мәмлекетлик дизимнен өткериў менен бирге хызметкерлерди жыйналып барылатуғын пенсия системасына дизимге алыў, сондай-ақ, электрон санлы қол таңба алыўға да болады.

Мәмлекетлик хызметлер агентлигиниң басламасы менен шөлкемлестирилгениниң 4 жыллығы қарсаңында бир қатар қайырқомлық ислери әмелге асырылды.  Атап айтқанда, елимиз бойлап «Мәмлекетлик хызметлер кәрўаны» акциясы шөлкемлестирилди. Бул кәрўан «Афросиёб» поездының Ташкент-Бухара жөнелиси бойынша старт алған болса, Қарақалпақстан Республикасында жуўмағына жетти. Нөкис районындағы «Саманбай» аўыл пуқаралар жыйыны Узынкөл массивиндеги 19-санлы улыўма билим бериў мектеби оқыўшылары менен муғаллимлериниң электрон мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў билим-көнликпелерин арттырыў ушын талап жоқары болған пайдаланыў тәртиби үйретилип, мектеп жәмәәтине компьюьтер қурылмасы, бурын хабар еткенимиздей, Хожели районында заманагөй Мәмлекетлик хызметлер орайының жаңа имараты пайдаланыўға тапсрылды.

Илажда ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлер өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери