Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы ҳәм Америка Қурама Штатлары арасындағы Стратегиялық шериклик қатнасығының биринши ушырасыўы өз жумысын баслады.

Илажды Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Абдулазиз Комилов ашып берди.

Ол өзиниң шығып сөйлеген сөзинде «Өзбекстан ҳәм АҚШ арасында Стратегиялық шериклик сөйлесиўиниң басланғаны тәреплер өз-ара бирге ислесиўди кеңейтиў, соңғы жылларда еки тәреплеме қатнасықларда ерисилген жетискенликлерди қоллап-қуўатлаўға таяр екенинен дәрек болып есапланады» деп атап өтти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги