Ташкентте Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (ФАО) тәрепинен «Өзбекстан тоғай хлжалығы системасында Гендер теңлиги стратегиясын әмелге асырыў» темасында халықаралық конференция өткерилди.
Өзбекстан Республикасы Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети, Аўыл хожалығы министрлиги және Аграр тараўда билимлер ҳәм инновациялар (AKIS) миллий орайы жәрдеминде шөлкемлестирилген илажда министрликлер ҳәм комитет хызметкерлери, халықаралық экспертлер қатнасты.
Конференцияда ФАО менен тығыз бирге ислесиўде тоғайларды басқарыў сиясаты ҳәм әмелиятында гендер теңлиги принциплери енгизилгени кеңнен додаланды. Сондай-ақ, тоғай хожалығы системасында әмелге асырылып атырған бир қатар реформалар, келешектеги перспективалы ҳәрекетлер жөненинде пикир жүргизилди.
Гендер теңлиги стартегиясы алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында, министрликлер ҳәм уйымлар, жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери ҳәм лаўазымлы шахслардың пикир-усынысларын инабатқа алған ҳалда ислеп шығылды.
Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети тәрепинен 2021-2025-жылларға мөлшерленген узақ мүддетли Гендер стратегиясының ислеп шығылғаны тараўда драйвер ўазыйпасын өтейтуғынлығы атап өтилди.
Атап өтилиўинше, Өзбекстан Республикасының «Ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын тең ҳуқықлары менен имканиятларының кепилликлери ҳаққында» ҳәм «Ҳаял-қызларды қарама-қарсылық ҳәм зорлық-зомбылықтан қорғаў ҳаққында»ғы нызамлары, сондай-ақ, миллий турақлы раўажланыў мақсетлери усы стратегияны ислеп шығыў ушын ҳуқықый тийкар болған.
– Өзбекстан тоғай хожалығында гендер мәселелериниң таллаўы өткерилди, тоғайлар ҳәм оларға тутас халық пунктлеринде жасайтуғын пуқаралардың пикири үйренилди, – деди ФАОның «Өзбекстан таў ҳәм ойпатлық тоғайларын турақлы басқарыў» жойбарының техникалық координаторы Олимжон Қаҳҳаров. – Нормативлик-ҳуқықый базаның кемшиликлери анықланды. Алынған мағлыўматлар тийкарында Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитетиниң Гендер теңлиги стратегиясы ҳәм 2021-2022-жылларға мөлшерленген Гендер ҳәрекетлердиң режеси ислеп шығылып, онда тоғай менен байланыслы топарлардың тийкарғы бағдарлары белгиленди.
Мағлыўмат орнында, ФАОның «Өзбекстан таў ҳәм ойпатлық тоғайларын турақлы басқарыў» жойбары шеңберинде ислеп шығылған усы реже Деҳқонобод, Китоб ҳәм Поп мәмлекетлик тоғай хожалықларында әмелге асырылмақта.
Бул аймақларда тоғайларды турақлы басқарыў, тоғай аймақларының мәлимлеме системасы ҳәм электрон карталарын жаратыў, гендер теңлигин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылған. Ҳәзирги ўақытта жергиликли халықты тоғай хожалығын басқарыў процесине кеңнен тартыў жумыслары алып барылмақта.
Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,
ӨзАның хабаршысы