Президент Мун Чже Ин ҳәм Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев Сеулда еки мәмлекет арасындағы дослық ҳәм бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша саммит өткереди.
Мәмлекетимиз басшысы 16-декабрь күни үш күнлик мәмлекетлик сапар менен Қубла Кореяға барады. 17-декабрьде саммит болып өтеди.
2022-жылы Қубла Корея ҳәм Өзбекстан дипломатиялық байланыслар орнатылғанының 30 жыллығы белгиленеди. Саммитте еки халық арасындағы «келешекке бағдарланған ҳәм өз-ара пайдалы» бирге ислесиўди тереңлестириў илажларының додаланыўы күтилмекте.
Мирзиёев 2017-жылы Қубла Кореяға мәмлекетлик сапар менен барған ҳәм Миллий Ассамблеяда шығып сөйлеген еди.
Мун Чжэ Ин Өзбекстан Президентине жиберген қутлықлаў хатында Шавкат Мирзиёевти Қубла Кореяға мирәт еткен еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги