БМШтың Өзбекстандағы ўәкилханасының имаратында 7-декабрь күни усы халықаралық шөлкемниң терорризмге қарсы гүресиў шараятында инсан ҳуқықлары ҳәм тийкарғы еркинликлерин хошаметлеў ҳәм қорғаў бойынша арнаўлы баянатшысы Фионнуала Ни Аолайн менен ғалаба хабар қураллары ўәкиллери арасында ушырасыў болып өтти.
Ни Аолайн ханым Өзбекстан ҳүкиметиниң Сирия, Ирак ҳәм Аўғанстаннан ҳаял-қызлар ҳәм балаларды қайтарыў ҳәм оларды реинтеграциялаў жумысы бойынша әмелге асырып атырған илажларын жоқары баҳалады.
Атап айтқанда, 2019-жылы май айынан баслап жүзлеген жәбиркешлерди урыс майданынан алып шығыў ҳәм реинтеграциялаўға қаратылған «Меҳир» операциясы шеңбериндеги ҳәрекетлер ҳәр қандай мақтаўға ылайық екенин айрықша атап өтти.
– Он күнлик сапарым даўамында Өзбекстанның, дерлик, барлық аймағын барып көрдим, төрт қамақханада болдым, пуқаралық жәмийети структураларының ўәкиллери менен ушырастым, жәмийетшилик, әпиўайы пуқаралар менен сөйлестим, – деди инсан ҳуқықлары бойынша қәниге Фионнуала Ни Аолайн ханым. – Шаңарақ бирлиги ҳәм жәмийет тәрепинен қоллап-қуўатлаўға тийкарланған өзбек модели репатриация етиў, бала мәпин гөзлеў, сиясий, ҳуқықый ҳәм социаллық қураллар, ҳәрекетлер арқалы отлы аймақтан қайтқан ҳаял-қызларды нәтийжели реинтеграциялаў бойынша ең жақсы әмелияттиң үлгиси болып есапланады.
Сирия қубла-шығысындағы лагерьлерде мыңлаған ҳаял-қызлар ҳәм балалар өзбасымшалық пенен қамаққа алынған. БМШ қәнигелери жасаў шараяты ҳәм қатнасық мәселесинде олар зорлық-зомбылық, инсан эксплуатациясы, кемситиў ҳәм қамаққа дус келгенин айтпақта. Бундай ҳәрекетлер халықаралық ҳуқық нормаларына бола, ҳеш қандай ҳуқықый қорғаўсыз қыйнаў ямаса басқа аяўсыз, инсанийлыққа жатпайтуғын, қәдир-қымбатын кемситетуғын қатнасыққа алып келиў жазаға тартыўға теңлеседи.
Ни Аолайн Өзбекстанның стигматизацияны сапластырыў, тийкарғы ҳуқық, соның ишинде, экономикалық ҳәм социаллық ҳуқықты тәмийинлеўге қаратылған әмелий илажларын жоқары баҳалады. Ҳүкиметимиздиң ЮНИСЕФ ҳәм БМШтың инсан ҳуқықлары бойынша басқа шөлкемлери, атап айтқанда, Жоқарғы комиссар уйымы менен нәтийжели бирге ислесиўине айрықша итибар берди.
– Репатриация ҳәм реинтеграцияның өзбек модели басқа ҳүкиметлер өз пуқараларын отлы аймақлардан қайтарыў ушын жол картасы сыпатында хызмет етеди, – деп атап өтер екен, Арнаўлы баянатшы мәмлекетимизде усы илаж нәтийжели, инсаний ҳәм инсан ҳуқықларына сай түрде әмелге асырылғанын тән алды. БМШ қәнигеси басқа да ҳүкиметлерди Өзбекстаннан өрнек алыўға шақырды.
Ушырасыў соңында Фионнуала Ни Аолайн журналистлерди қызықтырған сораўларға ҳәр тәреплеме жуўап қайтарды.
Саидмурод РАҲИМОВ,
ӨзА