Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Инсан ҳуқықлары бойынша Кеңесиниң Терроризмге қарсы гүресиўде инсан ҳуқықларын қоллап-қуўатлаў ҳәм қорғаў мәселелери бойынша Арнаўлы баянатшысы Фионуалла Ни Аолайн Бас прокуратураға барды.

Ушырасыўда Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры Ниғматилла Йўлдашев БМШ арнаўлы баянатшысы Фионулла Ни Аолайн менен прокуратура уйымларының функциясы ҳәм ўазыйпалары ҳаққында сәўбетлести.

Пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин қорғаў тараўында әмелге асырылған жумыслар, сондай-ақ, суд-ҳуқық тараўында әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Арнаўлы баянатшы тәрепинен Өзбекстанда суд-ҳуқық тараўында ҳәм пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин қорғаўды тәмийинлеўде әмелге асырылып атырған реформаларға унамлы пикир билдирилди.

Мәмлекет басшысы тәрепинен бул тараўларда әмелге асырылып атырған системалы ҳәм избе-из илажларға жоқары баҳа берилди.

Ушырасыў еки тәреплеме конструктивлик сөйлесиў ҳәм өз-ара аңласыў руўхында болып өтти.

 

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы