БМШтың терроризмге қарсы гүресиў шараятында инсан ҳуқықларын хошаметлеў ҳәм қорғаў, тийкарғы еркинликлерди әмелге асырыў бойынша арнаўлы баянатшысы Фионнуала Ни Аолайн басшылығындағы делегация мәмлекетимизге еткен сапары шеңберинде 29-ноябрь күни бир ушырасыўлар өткерди.

Дәслеп сыртқы ислер министри Абдулазиз Комиловтың мәртебели мийман менен ушырасыўында тәреплер Өзбекстан ҳәм БМШтың инсан ҳуқықлары тараўындағы қәнигелескен структуралары менен бирг ислесиўине байланыслы әҳмийетли мәселелер додаланды.

БМШтың арнаўлы баянатшысы мәмлекетимизде пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинлигин тәмийинлеў, басқа да мәмлекетлерде аўыр жағдайға түсип қалған шахсларға нәтийжели жәрдем бериў, соның ишинде, Жақын Шығыстағы урыс аймақларынан адамларды, әсиресе, ҳаял-қызлар ҳәм балаларды ўатанға қайтарыў бағдарындағы ис-ҳәрекетти жоқары баҳалады.

Аўғанстандағы жағдай бойынша пикир алысылды. Аўғанстан халқына жедел инсаныйлық жәрдем көрсетиў зәрүр екенлиги ҳаққында улыўма пикир билдирилди.

Ни Аолайн ханым менен «Раўажланыў стратегиясы» орайында болып өткен ушырасыўда Республикасы ҳуқық қорғаў уйымлардың басшысы, соның ишинде, Сыртқы ислер, Ишки ислер, Қорғаныў министрликлери, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Омбудсман, Бас прокуратура жуўапкерлери, парламент ағзалары, Олий Мажлис Сенаты ҳәм Нызамшылық палатасы, Жоқары суд ҳәм Конституциялық суд ўәкиллери қатнасты.

Орайдың атқарыўшы директоры Элдор Туляков мийманларға «Раўажланыў стратегиясы» орайының жумысы ҳаққында айтып берди. Атап айтқанда, орайда мәмлекетлик уйымлар, пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм халықаралық бирге ислесиўшилер менен беккем байланыс орнатылғаны, түрли мәселелер бойынша ашықтан-ашық сөйлесиў тийкарында додалаўлар шөлкемлестирилип барылатуғыны атап өтилди.

Илажда абырайлы халықаралық шөлкем ўәкилиниң мәмлекетимизге еткен сапары Өзбекстанның бул бағдарда алып барып атырған ис-ҳәрекети халықаралық майданда тән алынып атырғанынан дәрек екени атап өтилди.

– Өзбекстан ҳүкиметиниң усынысы менен БМШтың арнаўлы баянатшысы сыпатында елиңизде биринши мәрте болып турман, – деди Фионнуала Ни Аолайн. – Терроризмге қарсы гүрес пүткил дүнья жүзи сыяқлы, усы регион ушын да әҳмийетли мәселе болып есапланады. Ҳәзирги бағдар инсан ҳуқықлары менен үнлес байланыслы екени себепли бул ушырасыўымыз оғада әҳмийетли, деп ойлайман. Қалаберсе, Өзбекстанның соңғы жылларда урыс даўам етип атырған орынлардан пуқараларды қайтарыў ҳәм олардың жәмийетте өз орнын табыўға жәрдемлесиў бағдарындағы тәжирийбесин үйрениў мақсетимиз бар. Мәмлекетиңиз регион шеңберинде қәўипсизликти беккемлеў, соның ишинде, Аўғанстанда турақлылықты тәмийинлеў арқалы да шөлкемниң жумысына салмақлы үлес қоспақта.

Мийман, сондай-ақ, Өзбекстан кейинги жылларда Инсан ҳуқықлары кеңеси шеңберинде оғада көп унамлы жумыслар ислегени ҳәм нәтийжели бирге ислесиў избе-из даўам етиўге исеним билдирди.

Улыўма етип айтқанда, мәмлекетимиздиң Инсан ҳуқықлары кеңесине ағза болыўы Өзбекстан ҳүкимети усы мәселеге оғада айрықша қарап атырғанынан дәрек береди. Республикамыз халқының 60 процентинен асламын жаслар қурайды. Сол себепли елимизде жасларды қәстерлеп сақлаў, оларды жат идеялардан қорғаў, соның ишинде, кибертерроризм тийкарында ул-қызлардың сана-сезимин зәҳәрлеў жағдайларынан сергек болыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

БМШ ўәкиллери Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Спикери Нуриддинжон Исмоилов пенен де ушырасты.

Сөйлесиў ўақтында мийманларға Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында алып барылып атырған избе-из ҳәм кең көлемли реформалар, атап айтқанда, инсан ҳуқықларын қорғаўдың нызамшылық ҳәм структуралық-ҳуқықый базасын беккемлеў, инсан ҳуқықлары бойынша халықаралық стандартларды миллий нызамшылыққа имплементациялаў ҳәм халықаралық миннетлемелерди орынлаў, бул бағдарларда халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиўди жедделлестириўге байланыслы системалы жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Делегация ағзалары Олий Мажлис Нызамшылық палатасының жумысы, фракциялар ҳәм комитетлердиң жумыс усылы ҳаққында да толық мәлимлеме алды.

Атап өтилгениндей, террористлик, экстремистлик ямаса басқа да қадаған етилген шөлкем ҳәм топарларға байланыслы пуқаралардың мүрәжатин көрип шығыў ушын Бас прокурордың басшылығында Республикалық уйымлараралық комиссиясы шөлкемлестирилди. Комиссияның жуўмағы тийкарында пуқаралар жынайый жуўапкершиликтен азат етилетуғыны белгиленди. Президентимиздиң басламасы менен ол ямаса бул дәрежедеги түрли топарларға байланыслы есапланған 20 мыңнан аслам пуқара ҳуқық қорғаў уйымларының «арнаўлы дизими»нен шығарылды, бундай «дизимлер»ди жүргизиў әмелияты сапластырылды.

2019-2021-жыллар даўамында «Меҳир» гуманитарлық операциясы шеңберинде Сирия ҳәм Ирақ аймағында қыйын жағдайда қалған, тийкарынан, балалар ҳәм ҳаял-қызлардан ибарат 530 дан аслам Өзбекстан пуқарасы Ўатанға қайтарылды. Оларға медициналық, психологиялық, материаллық ҳәм руўхый жәрдем көрсетилди, тыныш турмысқа қайтыў, жәмийетке бейимлесиў ушын зәрүр шараятлар жаратылды, турақ жай ҳәм жумыс бериў илажлары көрилди.

Ушырасыў ўақтында соңғы бес жылда сиясий-ҳуқықый ҳәм судлаў системасында жүз берип атырған унамлы өзгерислер де тән алынды.

Конструктивлик ҳәм өз-ара исеним руўхында өткен ушырасыў жуўмағында бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша бир қатар усыныслар берилди.

Сол күни сырт елли шөлкемниң ўәкиллери менен Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы ҳәм Әдиллик министрлигинде де ушырасыўлар болып өтти.

БМШтың терроризмге қарсы гүресиў шараятында инсан ҳуқықларын хошаметлеў ҳәм қорғаў, тийкарғы еркинликлерди әмелге асырыў бойынша арнаўды баянатшысы Фионнуала Ни Аолайн басшылығындағы делегацияның мәмлекетимизге сапары даўам етип атыр.

Саидмурод РАҲИМОВ,

ӨзАның хабаршысы