Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Айқулаш» Қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамбли шөлкемлестирилгениниң 65 жыллығы кеңнен белгиленди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Мурат Камалов ансамбль жәмәәти ҳәм ветеранларды әҳмийетли сәне менен қызғын қутлықлады. Атап өтилгениндей, елимизде Президентимиз басшылығында мәденият ҳәм көркем өнер тараўын раўажландырыўға, дөретиўшилерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға үлкен итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Халқымыздың бийтәкирар мәденияты ҳәм көркем өнерин раўажландырыўда, оны дүнья жүзине танытыўда «Айқулаш» Қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамбли айрықша орын ийелейди. Бул ансамбльдиң ағзалары миллий қосықшылық, сазенделик ҳәм аяқ ойыны көркем өнери бойынша мәмлекетлик ҳәм халықаралық көлемде үлкен табысларды қолға киргизип келмекте.

Дөретиўшилик топар мәдениятымыз бенен миллий хореографиямызды раўажландырыў, халқымыздың мәнәўий дүньясын буннан былай да байытыў, жас аўладты миллий қәдириятларымыз ҳәм дәстүрлеримизге ҳүрмет, ана Ўатанға муҳаббат және садықлық руўхында тәрбиялаўда өзиниң мүнәсип үлесин қосып киятырғанын айрықша атап өтиў керек. Мәмлекетлик илажлардың концерт бағдарламалары, республикалық көлемде өткерип киятырған улыўма халықлық байрамлар, фестивальлар ҳәм басқа да мәдений илажларда «Айқулаш» ансамбли де белсене қатнасып келмекте.

Ансамбль топарының Россия, Әзербайжан, Молдова, Украина, Беларусь, Грузия, Армения, Қубла Корея, Қытай сыяқлы бир қатар мәмлекетлерде гастроль сапарларында ҳәм фольклор фестивальларында қатнасып, халықаралық мәдений ҳәм дослық байланысларын буннан былай да беккемлеўге салмақлы үлес қосыўы – бул қарақалпақ миллий мәденияты ҳәм көркем өнерине болған ҳүрмет, садықлық ҳәм пидәкерлик үлгиси болып есапланады.

Ансамбльдиң 65 жыллығы мүнәсибети менен Нөкис қаласындағы опера ҳәм бақсышылық көркем өнери мектебинде «Қарақалпақстанда хореография көркем өнериниң раўажланыў тарийхы» темасында илимий-әмелий конференция өткерилди. Онда атап өтилгениндей, усы жылдың өзинде дөретиўшилик жәмәәт Россия Федерациясы Башқуртстан Республикасында болып өткен VI жәҳән фольклоры фестивалында, Түркияда болып өткен мәденият ҳәптелигинде, Ҳиндстанда болып өткен халықаралық хореография фестивалында табыслы қатнасып, қарақалпақ миллий хореографиясының сайланды үлгилерин жәҳән халықларына көрсетти. Усы жылдың 12-ноябрь күни Венгрияда өткерилген халықаралық конгрессте ансамбль фольклорлық фестивальлары ҳәм халық әмелий көркем өнери шөлкеми халықаралық Кеңесине ағзалыққа қабыл етилди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары менен ансамбльдиң бир топар ағзалары ҳәм нуранийлары Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик сыйлықлары ҳәм көкирек белгилери менен сыйлықланды. Салтанатлы илаж ансамбль топары ҳәм көркем өнер ғайраткерлериниң концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери