Бүгин, 29-октябрь күни Америка Қурама Штатларының Өзбекстандағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Дэниел Розенблюм Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына келди.

Елши Дэниел Розенблюм институтта АҚШ елшиханасы менен биргеликте 2016-жылдан берли жумыс ислеп киятырған «ACCESS» бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслар, жаратылған шараятлар менен танысты.

Институт базасында жумыс алып барып атырған «ACCESS» бағдарламасы 2016-2018-жылларда мектеп оқыўшылары ушын, 2018-2020-жылларда институттың филология тәлим бағдарларына қәнигелеспеген бакалавриат тәлим бағдарларында оқып атырған студентлер ушын «STEM» бағдарламасы, ал 2020-жылдан 2022-жылға шекем улыўма билим бериў мектеплериниң 8-9-класс оқыўшыларына сабақлар шөлкемлестириў арқалы әмелге асырылып келинбекте.

АҚШ елшиси институтта «ACCESS» бағдарламасы шеңберинде оқытылып атырған оқыўшылар менен ушырасып, олар менен сәўбетлести. Бағдарлама бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға жоқары баҳа берди ҳәм жыл жуўмағы бойынша ең жақсы көрсеткишлерге ерискен еки оқыўшыны Америка Қурама Штатларына бир айлық жазғы лагерге жибериў бойынша усынысын билдирди.

Ушырасыўда институт ректоры Б.Отемуратов студентлер ҳәм барлық қәлеўшилер ушын шет тиллерин үйрениў бағдарында жаратылған шараятлар, әмелге асырылып атырған жумыслар, сондай-ақ, халықаралық бирге ислесиўлердиң нәтийжелери ҳаққында мағлыўматлар берди.

Елши Дэниел Розенблюм Қарақалпақстанда биринши мәрте болып турғаны, бул жерде жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық, мәдений-гуманитар тараўларда әмелге асылырып атырған реформалардың нәтийжелери жоқары дәрежеде екенлигиниң гүўасы болып атырғанын атап өтти.

АҚШ елшисиниң елимизге сапары даўам етпекте.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Автордың түсирген фотолары.