Орайлық сайлаў комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти. Мәжилисти Комиссия баслығы З.Низомхўжаев алып барды.

Комиссия ағзалары 2021-жыл 24-октябрь күни өткерилген Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўының нәтийжелери ҳаққындағы мәселени көрип шықты.

-Пандемия себепли жүзеге келген қыйын шараятқа қарамастан, карантин қағыйдаларына әмел еткен ҳалда Президент сайлаўында 16 миллионнан зыят ямаса 80,4 процент сайлаўшы өзиниң ерк-ықрарын көрсетип, өзи мүнәсип деп билген талабанға даўыс берди,-деди З.Низомхўжаев.-Пурсаттан пайдаланып, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны миллий сайлаў нызамшылығымыз , сондай-ақ, улыўма тән алынған демократиялық принциплерге сәйкес, жоқары шөлкемлескенлик дәрежеде өткериўге өзиниң мүнәсип үлесин қосқан барлық округлик ҳәм участкалық сайлаў комиссиялары ағзаларына, министрликлер, уйымлар, шөлкемлер, басқа да жуўапкерлерге, әсиресе, ғалаба хабар қураллары ўәкиллерине шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Атап өтилгениндей, Президент сайлаўын үлкен қызығыўшылық пенен бақлап ҳәм үйренип барған халықаралық шөлкемлердиң миссиялары, сырт мәмлекетлердиң мыңға шамалас бақлаўшылары, жүзлеген сырт ел журналистлери тәрепинен мәмлекетимиздиң сайлаў нызамшылығы ҳәм әмелиятында қысқа мүддет ишинде әмелге асырылған әҳмийетли өзгерислер айрықша тән алынды.

Сайлаў кодексиниң 95-статьясына муўапық, Округ бойынша сайлаў нәтийжелери тек участкалық сайлаў комиссияларының усынған протоколлары тийкарында анықланады. Округлик сайлаў комиссиясы округ бойынша сайлаўшылар дизимине киргизилген сайлаўшылардың улыўма санын, сайлаў бюллетенлерин алған сайлаўшылардың санын, даўыс бериўде қатнасқан сайлаўшылардың санын, ҳәр бир талабанды жақлап берилген даўыслар санын ҳәм ҳақыйқый емес, деп табылған сайлаў бюллетенлериниң санын анықлайды.

Округ бойынша сайлаў нәтийжелери округлик сайлаў комиссиясының мәжилисинде анықланады ҳәм протоколға киргизиледи. Протоколға комиссияның баслығы, баслықтың орынбасары, хаткери, басқа да ағзалары тәрепинен қол қойылады ҳәм тийисли сайлаў комиссиясына усынылады.

Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўши Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы 14 округлик сайлаў комиссиясынан сайлаў округи бойынша даўыс бериў нәтийжелерин анықлаў ҳаққындағы протоколлары Орайлық сайлаў комиссиясына белгиленген тәртипте жеткерип берилди.

Даўыс бериўде қатнасқан сайлаўшылар тәрепинен ҳәр бир талабанды жақлап берилген даўыслар төмендегише көриниске ийе болды:

Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясынан талабан Баҳром Абдуҳалимовқа-549 мың 766 яки даўыс бериўде қатнасқан сайлаўшылардың 3,39 проценти;

Исбилерменлер ҳәрекети-Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясынан талабан Шавкат Мирзиёевқа-12 миллион 988 мың 964 яки даўыс бериўде қатнасқан сайлаўшылардың 80,12 проценти;

Өзбекстан Экологиялық партиясынан талабан Нарзулло Обломурадовқа-670 мың 641  яки даўыс бериўде қатнасқан сайлаўшылардың 4,14 проценти;

Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясынан талабан Алишер Қадировқа-888 мың 515 яки даўыс бериўде қатнасқан сайлаўшылардың 5,48 проценти;

Өзбекстан Халық демократиялық партиясынан талабан Мақсуда Ворисоваға-1 миллион 75 мың 16  яки даўыс бериўде қатнасқан сайлаўшылардың 6,63 проценти жақлап даўыс берген.

Ҳақыйқый емес, деп табылған сайлаў бюллетенлериниң саны 39 мың 443 ти яки 0,24 процентти қурады.

Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўши Округлик сайлаў комиссияларының протоколлары Орайлық сайлаў комиссиясы ағзалары тәрепинен үйренип шығылды. Үйрениў нәтийжесинде бул протоколлар Сайлаў кодекси ҳәм Орайлық сайлаў комиссиясының 2021-жыл 14-апрельдеги Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўши округлик сайлаў комиссияларының жумыс тәртиби ҳаққындағы Реже талапларына толық әмел еткен ҳалда рәсмийлестирилген, деп табылды.

Мәжилис соңында комиссия ағзалары 2021-жыл 24-октябрь күни өткерилген Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы нәтийжелерин анықлаў ҳаққындағы протоколды тастыйықлады ҳәм қарар қабыл етти.

 

Нурилло Насриев,

ӨзА ның хабаршысы