Өзбекстанға Корея суд системасы ўәкиллеринен ибарат делегация  келди. Корея Республикасы Жоқарғы судының баслығы Ким Мён Су басшылығындағы делегацияны Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының баслығы Козимжон Комилов қабыл етти.

К.Комилов мийманларға мәмлекетимиз суд-ҳуқық системасында әмелге асырылып атырған реформалар, нызамшылық тийкарларын  беккемлеў, суд системасының структурасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм жумысының нәтийжелилигин арттырыў, судлардың жумысында ашық-айдынлықты тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған илажлар шеңберинде толық мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, әмелге асырылып атырған реформалардың тийкарғы мақсети суд ҳәкимиятының еркинлигин, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаўды тәмийинлеў және әдил судлаўға  ерисиў дәрежесин арттырыўдан ибарат.

Ушырасыў даўамында тәреплер суд системасын жетилистириў, суд ҳәкимиятының роли ҳәм абырайын беккемлеў және судлардың еркинлигин тәмийинлеў,  түрли судлаў институтларының жумысын жетилистириў, судьяларды таярлаў ҳәм судлардың жумысына мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў сыяқлы мәселелер бойынша пикир алысылды.

Сондай-ақ, сөйлесиў ўақтында мәмлекетлеримиз Жоқарғы судлары турақлы түрде ҳуқықый мәлимлеме  алмасыўды әмелге асырыў ҳәм өз-ара мәплерин көрсетиўши басқа да мәселелер бойынша мәсләҳәтлесиўлер өткериў бойынша келисип алды.

Ушырасыў жуўмағында мәмлекетлеримиз Жоқарғы судларының өз-ара мәплерин көрсетиўши тараўлардағы бирге ислесиў ҳәм қатнасықлардың ҳуқықый тийкарларын белгилеп беретуғын Өзбекстан Республикасының Жоқарғы суды ҳәм Корея Республикасының Жоқарғы суды  арасында бирге ислесиў ҳаққында меморандумға қол қойылды.

Мәмлекетимизде мийман болып турған Корея делегациясының ўәкиллери судлардың жумысы менен танысыўы, Судьялардың жоқарғы кеңеси, Конституциялық судта ушырасыў өткериўи күтилмекте.

 

Н.АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы