ЮНИСЕФтиң Өзбекстандағы ўәкилханасынан хабар берилиўинше, 200 мың доллар муғдарындағы бул грант балаларды қорғаў системасын жетилистириўге бағдарланады.
Грант жойбары шеңберинде балаларды қорғаў системасын беккемлеў, мәжбүрий мийнетке тартылыўының алдын алыў, руўхый саламатлық ҳәм психологиялық қоллап-қуўатлаў бойынша жумыс алып барыўшы хызметкерлердиң маманлығын арттырыў нәзерде тутылған.
Грант жәрдеминде 70 мыңнан аслам бала социаллық қорғаўға алынады. Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги тәрепинен социаллық тараў хызметкерлери ушын оқыў платформасы жаратылып, олардың билим ҳәм көнликпеси арттырып барылады. Сондай-ақ, Халық билимлендириў министрлиги жанындағы еки психологиялық-социаллық жәрдем орайы зәрүр мебель ҳәм заманагөй мәлимлеме технологиялары менен үскенеленеди.
– Япония ҳүкимети Өзбекстанның социаллық-экономикалық раўажланыўын турақлы қоллап-қуўатлап келмекте. Бул Орайлық Азия регионы ҳәм Аўғанстанда турақлылықты тәмийинлеўге қаратылған жойбарларымыздың бир бөлеги болып, балалардың турмысын жақсылаўға хызмет етеди, – дейди Японияның Өзбекстандағы елшиси Ёшинори Фужияма.
Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,
ӨзАның хабаршысы