Белгили шайыр ҳәм эссеист Сағынбай Ибрагимовтың «Бердақтың «Шежире» дәстаны ҳәм қарақалпақлар тарийхы» атамасындағы этнотарийхый эссеси китап болып басылып шықты.
Эсседе қарақалпақ халқының тарийхы илимий көзқарастан баян етилген. Қарақалпақ халқының тарийхы менен қызығыўшылар усы китаптан өзлериниң көплеген сораўларына жуўап таба алады.
«Бир танысым меннен Бердақтың «Шежире»син сорап алды. Ол оқып болып қайтарып әкелгенинде, мен оннан «ал, «Шежире»ден не түсиндиң?» деп сорадым. Бул жигит банклердиң биринде бөлим баслығы болып ислейди, рус ҳәм инглис тиллерин биледи, яғный заманагөй саўатлы жигит. «Мен өзимниң урыўым, қарақалпақ халқының келип шығыўы туўралы мағлыўмат излеп едим, таппадым», деди ол. «Қарақалпақстан тарийхы» деген китап бар», дедим мен оған. «Ол китапты оқыдым, оның жартысы жердиң тарийхы, қалған жартысы соңғы еки әсирдиң тарийхы, мен излеген нәрселер ол китапта да жоқ», деди ол маған.
Мәдений мийрасымыздың ҳәрбир дөретпесин түсиниў ушын оны сол дөретпе туўылған контекстте көре билиўимиз керек. Бердақтың «Шежире» дәстаны – бул орта әсирлик шекленген билимлер ҳәм дүньяқарас дәрежесинде жасап атырған патриархаллық жәмийетте дөреген әдебий шығарма. Оннан илимий монографиядағыдай системаластырылған мағлыўматларды излеў орынсыз. Дурыс, Бердақ тыңлаўшысына ҳәм оқыўшысына қарақалпақ халқы ҳәм оның урыўларының келип шығыў тарийхы туўралы жүйели мағлыўмат бериўди мақсет тутқан, бирақ, онда бул мәселеде анық мағлыўматлар ҳәм оларды анализлейтуғын илимий усыл болмағанлығы себепли, өзине мәлим аўызеки мағлыўматларды жәмлеген ҳәм өзи ушын әҳмийетли болған идеологиялық ракурста қосық түринде баянлап шыққан. Айта кетейик, қосық формасы бул мағлыўматларды анық ҳәм саррас баянлаўға қолайсыз, прозалық шежирелер информативлиги жағынан абзалырақ.
Демек, «Шежире»ни түсиниў ушын оны ҳәзирги илимий көзқарастан анализлеў керек болады», – деп жазады автор эсседе.
Китапты И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи қапталындағы «Китап дүньясы» дүканынан сатып алыўыңыз мүмкин.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, шайыр ҳәм эссеист Сағынбай Ибрагимовтың қарақалпақ халқының келип шығыўы ҳәм қәлиплесиў жолы туўралы жазылған «Каракалпаки. Путь в истории» атамасындағы рус тилиндеги эссеси де бар.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.