Президент Шавкат Мирзиёев орынлардағы дөретиўшилик жумыслар, ири жойбарлар менен танысыў, халық пенен пикирлесиў мақсетинде 13-октябрь күни наўайы ўәлаятында болды.

Шавкат Мирзиёев дәслеп наўайылы сайлаўшылар менен ушырасты.

Буннан соң мәмлекетимиз басшысы Наўайы қаласындағы «Жумысқа мәрҳәмат» моно орайын барып көрди.

Орай Президентимиздиң 2020-жыл 11-августтағы «Кәмбағал ҳәм жумыссыз пуқараларды исбилерменликке тартыў, олардың мийнет етиў белсендилигин арттырыў ҳәм кәсип-өнерге оқытыўға қаратылған және халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық шөлкемлестирилген. Бул жерде мийнет базарының талаплары тийкарында хызмет көрсетиў, қурылыс, аўыл хожалығы ҳәм техника тараўларындағы отызға шамалас кәсипке таярлаў жолға қойылған.

Моноорайда китапхана, мәжилислер залы, 30 оқыў, компьютер ҳәм әмелият ханасы, 200 орынлық жатақхана, автомобиль турыў орны бар. Оқыў ҳәм шынығыў ханалары тийисли үскене, компьютер, муляж ҳәм басқа да үскенелер менен тәмийинленген.

Жыллық оқытыў қуўатлылығы 3 мың 400 ди қурайтуғын бул орайда 97 жумыс орны жаратылған.

Мәмлекетимиз басшысы орайдағы оқыў-сабақларын көзден өткерди, жаслар менен сөйлести.

-Жумыссыз пуқараларымызды кәсип-өнерли етип, турмысқа жоллама бериў ушын мине усындай шараятларды шөлкемлестирип атырмыз,-деди Шавкат Мирзиёев. – Буннан үнемли пайдаланып, кәсипти жақсы үйренсеңиз, сизлер жумысты емес, жумыс сизлерди излейди, дәраматыңыз жоқары болады. Неше жасқа кириўиңизге қарамастан, оқыған, изленген, кәсип ийелеген адам қәдирли болады. Мен сизлердиң, мине, усындай қәдирли болыўыңызды қәлеймен.

Экономика тармақларында тәжирийбели қәнигелерге талап артып баратырғаны, бул жерде оқыған жаслар келешекте жумысқа алынатуғыны атап өтилди.

-Үлкен-үлкен кәрханалар қурып атырмыз, көбисинде сырт елден келген қәнигелер ислеп атыр. Бизиң мақсетимиз – өзимиздиң жасларды ислетиў, халқымызға мийнет ҳақы бериў. Оның ушын ўақытты бийкар өткермей, өзлериңизди де, устазларыңызды да қыйнап, кәсипти толық ийелеўиңиз керек,-деди Президент.

Мәкеме мәмлекетлик-жеке меншик шериклик системасында ислейди. Мәмлекет шараят жаратып, илимий ҳәм материаллық жақтан тәмийинлейди. Сабақларды әмелиятшылар, исбилерменлер, заводлардың ўәкиллери алып барады ҳәм кейин ала питкериўшилерди жумысқа алады. Моноорай дипломы кәсип-өнер мектеплериниң дипломлары менен бирдей дәрежеге ийе.

Сондай-ақ, орайда инглис, рус, япон, корейс тиллерин оқытыў курслары да ашылған.

Ҳәзирги күнде 300 тыңлаўшы 26 кәсип-өнерге оқытылмақта. Олардың  62 си «Ҳаял-қызлар дәптери»,71 и «Жаслар дәптери»не киргизилген жумыссыз ҳәм жумыс излеп атырған пуқаралар болып есапланады.

Мәмлекетимиз басшысы наўайы қаласындағы «Фарҳад» мәденият сарайында ўәлаяттағы миллий мәдений орайлардың ўәкиллери менен сөйлести.

– Сизлерге белгили, елимиздеги аўызбиршиликти, татыўлықты беккемлеўге айрықша итибар берип атырмыз. Соның нәтийжесинде өмириңизде нелер өзгерди! Не машқалалар, қандай усыныслар бар! Булар ҳаққында сизлер менен шын жүректен сөйлесиўге келдим,-деди Президент.

Көп миллетли Наўайы ўәлаяты – халықлар дослығы ҳәм өз-ара түсинисиўдиң жарқын белгиси. Өзбек, қазақ, қарақалпақ, тәжик, рус, корейс ҳәм басқа да көплеген миллет ўәкиллери бир шаңарақ ағзаларындай жасап, елимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосып келмекте. Ўәлаятта 8 миллий мәдений орай жумыс ислемекте. Мектеплерде оқытыў 7 тилде жолға қойылған.

Ушырасыўға қатнасқан ҳәр қыйлы миллет ҳәм халық ўәкиллери олардың оқып, ислеўи, мәдениятын сақлаўы ушын кеңнен шараят жаратылғанын атап өтти. Өзлери, перзентлери ерисип атырған жетискенликлерин айтып берди. Мәдений орайлар ушын имаратлар ажыратылып атырғаны, 30-июль мәмлекетимизде Халықлар дослығы күни етип белгиленгени атап өтилди.

– Бүгин сайлаўшылар менен ушырасыўда бул қутлы байрамды келеси жылы Наўайы ўәлаятында үлкен салатанат пенен белгилеў усынысын билдирдим,-деди Шавкат Мирзиёев. –Сондай-ақ, 2022-жылы Наўайыда көп миллетли халқымыз бирлигиниң белгиси сыпатында Дослық паркин қурыўды режелестиргенбиз.

Президент елимизде жасап атырған барлық миллет ҳәм халық ўәкиллери арасында өз-ара ҳүрмет ҳәм татыўлық орталығын беккемлеў, ҳәр қыйлы диний конфессиялар ушын зәрүр шараятлар жаратыўға қаратылған сиясат избе-из даўам еттирилетуғынын атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысы соның менен Наўайы ўәлаятына сапарын жуўмақлап, Ташкентке қайтып келди.

 

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Абдували БЎРИЕВ,

ӨзАның хабаршылары