Хийўа қаласында «Орайлық Азия – дүнья цивилизациялары кесилиспесинде» Халықаралық мәденият форумы болып өтти.

Онда дүньяның  көплеген мәмлекетлеринен илимпазлар, тарийхшылар, экспертлер, көркем өнертаныўшылар қатнасты.

Итибарлы тәрепи сонда, усы халықаралық форумға мәмлекетимиз басшысы хат жоллады.

Халықаралық форумда Орайлық Азия илимий мийрасының дүнья цивилизациясындағы орны ҳәм әҳмийети және бир мәрте жоқары тән алынды. Илимпазлар, илимий изертлеў орайлары, кәрханалардың алдынғы қәнигелери өз-ара тәжирийбе алмасты. Әййемги қолжазбаларды үйрениўдиң перспективалары белгиленди.

– Форум жоқары дәрежеде өтти, – деди АҚШлы эксперт Адам  Альбион. – Өзбекстанның бүгинги жедел қәдемлери усы халықаралық форумның көтериңки руўхынан да сезилип турыпты. Биз әйне Өзбекстанның тарийхый мийрас, интеллектуал байлық, мәрипатқа умтылыўы мысалында жеделлик пенен раўажланып атырғанына, реформалар болса артқа қайтпайтуғын жеделликке ийе екенине гүўа болдық. Бундай өзгерислер, әлбетте, Президент Шавкат Мирзиёевтиң әмелий басламаларының орынланыўына исенимли түрде қатнас жасаўына байланыслы болып есапланады.

– Ҳақыйқатында да, форумның жоқары дәрежеси Президент Шавкат Мирзиёев басламаларының әмелиятқа жедел енгизилип атырғанлығын және бир мәрте дәлилледи, – деди Германияның Дрезден университетиниң профессоры Анионио Роллан Понс. – Өзбекстанның мәдений мийрасын қанша үйренсек, халқыңыз болса мақтанса арзыйтуғын мийрас болып есапланады. Бүгин Өзбекстан регионда тынышлық, турақлылықты илим-мәрипат, аўызбиршилик арқалы тәмийинлеўге шынтлап кирискен. Ең қыйын пандемия дәўиринде дөретиўшилик, адамзатты бирге ислесиўге, мәрипатқа ийтермелейтуғын бундай форумның шөлкемлестирилгени шынында да үлкен итибарға, ҳүрметке ылайық болып есапланады.

– Халықаралық форум академиялық топарлардың жедел пикир алысыўына, тараўдағы жаңалықлар, Өзбекстанның бүгинги илимий потенциалы менен кеңирек танысыўына имканият берди, – деди Уллы британиялы изертлеўши Чарльз Мэльвилл. – Мениң пикиримше, қолжазбалардың изертлениўине байланыслы жумысларды көбирек ғалаба ен жайдырыў керек. Бул болса туризм, билим, излениўге және де көбирек имканият жаратады.

Форумның жуўмағы бойынша илимий-ағартыўшылық бирге ислесиўди және де күшейтиў бойынша тийисли декларация қабыл етилди.

 

Назокат УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы