«Саламат әўлад ушын» халықаралық қайырқомлық фонды, «Өзбекстан Темир жоллары» акционерлик жәмийети менен биргеликте 2021-жыл 13-19- сентябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасының экологиялық жағдайы қыйын болған аймақларында жасайтуғын халыққа медициналық және гуманитарлық жәрдем көрсетиў мақсетинде Ташкент-Төрткүл-Мискин жөнелисинде «Саламатлық» медициналық санитар жәрдем поезды республикамызға келип, Төрткүл районынан өз жумысын баслады.

Социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлар, майыплығы болған инсанлар, напақадағы кекселер, жас өспиримлер, балалар, туўыў жасындағы ҳаяллар тереңлестирилген медициналық тексериўден өткерилди. «Саламат әўлад ушын» қайырқомлық фонды тәрепинен бийпул дәри-дәрмақлар, санитариялық-гигиеналық буйымлар тарқатылды.

– Денсаўлықты сақлаў минстрлигине қараслы  COVID  орайы, көз кеселликлери емлеўханасы, перенатал орайы, қантлы диабет  кеселлиги диспансерине, балалар емлеўханасына, жәми  1 миллиард  600 миллион сумлық дәри-дәрмақлар, санитариялық-гигиеналық буйымлар берилди,-дейди фондтың Қарақалпақстан Республикасы филиалының директоры О.Ембергенова.

Сондай-ақ, Хожели  районындағы 1-санлы Меҳрибанлық үйи тәрбияланыўшыларына 23 миллион 573 мың сумлық оқыў қураллары ҳәм витаминлер, санитариялық-гигиеналық буйымлар, халық билимлендириў министрлигине қараслы арнаўлы мектеп интернатларына 161 миллион сумлық китаплар, витаминлер, телевизор ҳәм санитариялық-гигиеналық буйымлар, майыплық арбашалары берилди.

Өткерилген илажларға қатнасқан пуқараларға коронавирус инфекциясы тарқалыўы ҳәм қайта кеселлениўден сақланыў, алдын алыў, ҳаял-қызлар саламатлығы, саламат турмыс тәризи ҳаққында кең түрде түсиниклер берип барылды.

Илажлар даўам етпекте.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги