Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министриниң биринши орынбасары Фарҳод Арзиев 15-сентябрь күни Европада Қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми (ЕҚБШ) Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросы (ДИИҲБ)ның Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын бақлаў миссиясының басшысы Оуэн Мерфи менен ушырасты.

Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан ҳәм ЕҚБШ ДИИҲБ арасындағы бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективлары додаланды.

 ЕҚБШ ДИИҲБның усынысларын енгизиў, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексин жетилистириў щеңбериндеги табыслы бирге ислесиў атап өтилди.

Тәреплер, бәринен бурын, инсан ҳуқықлары, сөз, дин ҳәм исеним еркинлиги, гендер теңлик, жасларды қоллап-қуўатлаў, пуқаралық жәмийети институтларын раўажландырыў, демократиялық жаңаланыўлардың ҳуқықый базасын алдыңғы халықаралық әмелият тийкарында беккемлеў бойынша узақ мүддетли ҳәм нәтийжели шерикликти даўам еттириўден мәпдар екенин билдирди.

Сырт елде болып турған Өзбекстан пуқараларының конституциялық ҳуқықларын әмелге асырыўға жәрдемлесиў, соның ишинде, сайлаўда қатнасыў ушын онлайн дизимнен өтиў имканиятын жаратыў, мүддетинен бурын көшпели даўыс бериў әмелиятын енгизиў ҳәм басқа да әмелий илажлар бойынша СИМ ҳәм республикамыздың сырт елдеги мәкемелериниң жумысына айрықша итибар қаратылды.

 

С.РАҲИМОВ,
ӨзАның хабаршысы