Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде жаңа оқыў жылында 1-курсқа қабыл етилген студентлерге «Студентлик гүўалығы»н  ҳәм «Символикалық гилт» тапсырыў мәресими өткерилди.  

Оған университеттиң профессор-оқытыўшылары, студент- жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажда университет ректоры А.Реймов, университеттиң Нуранийлар кеңеси баслығы, профессор Б.Абдикамалов ҳәм басқалар  шығып сөйлеп, оқыў дәргайында студентлерге жаратылған имканиятлар ҳәм студент-жаслардың ерискен  жетискенликлерин  атап өтти.

Буннан соң, елимизде жасларға жаратылып берилип атырған имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, жетискенликке ерискен, Жәҳән, Азия ҳәм Өзбекстан чемпионы болған спортшы жаслар, пән олимпиадасы жеңимпазлары, жоқары балл топлап оқыўға қабыл етилген студентлерге «Студентлик гүўалығы» ҳәм илим есигин ашатуғын «Символикалық гилт»  салтанатлы түрде тапсырылды.

– Мен усы жылы Кегейли районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 19-санлы улыўма орта билим бериў мектебин тамамлап, университеттиң биология факультетине мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабылландым, – дейди студентликке қабыл етилген жаслардың бири Гүлбаныў Турғанбаева.

Қарақалпақ мәмлекетлик университетине 64 бакалавриат тәлим бағдарына 4511 студент, соннан 966 абитуриент мәмлекетлик грант, сондай-ақ, қосымша қабыллаў квотасынан тысқары 250 абитуриент мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабыл етилди. 3295 абитуриент болса, төлемли-шәртнама тийкарында студентликке қабылланды. Ал, бакалавриаттың сыртқы бөлимине 17 тәлим бағдары бойынша 818 абитуриент, кешки бөлимге 5 тәлим бағдары бойынша жәми 168  абитуриент оқыўға қабылланды.

Илаж қатнасыўшыларына университеттиң талантлы жасларының атқарыўындағы концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги