Сайлаў нызамшылығында сиясий партияларға қолтаңба жыйнаўда қойылған әҳмийетли талаплардан бири – бул Өзбекстан Республикасы Президентлигине бир ҳәкимшилик-аймақлық структурада, яғный Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәр биринен қолтаңбалар улыўма санының көби менен сегиз процентин жыйнайтуғыны мүмкин екенлиги белгиленген.

Кодексте, сондай-ақ, Орайлық сайлаў комиссиясы қолтаңба қағазларының дурыс толтырылғанын тексеретуғын эксперт топарын дүзиўи мүмкин екенлиги нәзерде тутылған.

Усы талапқа муўапық, Орайлық сайлаў комиссиясының 2021-жыл 30-август күни қабыл етилген «Сиясий партиялар тәрепинен усынылған қолтаңба қағазларының дурыс толтырылғанын тексеретуғын эксперт топарларын дүзиў ҳаққында»ғы қарары менен үш эксперт топары дүзилди.

Өзбекстан Халық демократиялық партиясы тәрепинен усынылған қолтаңба қағазларын дурыс толтырғанын тексериў бойынша Орайлық сайлаў комиссиясының эксперт топары ҳәм жумысшы топардың тексериў нәтийжеси бойынша жуўмақларына бола төмендегилер анықланды.

Өзбекстан Халық демократиялық партиясы ҳәм оның орынлардағы аймақлық уйымлары тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентлигине көрсетилген талабан Ворисова Мақсуда Азизовнаны қоллап-қуўатлаўшы жәми 225 мыңнан аслам сайлаўшының қолтаңбасы жыйналған.

Соннан Өзбекстан Республикасы жәми сайлаўшылары улыўма санының кеминде бир проценти, яғный 212 мың 660 сайлаўшының қолы қойылған қолтаңба қағазларының бланклары аймақлар бойынша өз алдына жыйналған ҳалда Орайлық сайлаў комиссиясына усынылған. Қалған қолтаңба қағазлары сиясий партияда резерв сыпатында қалдырылған.

Сайлаў кодексиниң 39-статьясы ҳәм «Өзбекстан Республикасы Президентлигине көрсетилген талабанды қоллап-қуўатлаўшы қолтаңбаларды жыйнаў ҳәм қолтаңба қағазларының дурыс толтырылғанын тексериў тәртиби ҳаққында»ғы Режениң 14, 15-бәнтлерине тийкарланып 212 мың 660 қолтаңбаға 15 процент қолтаңбалар, яғный 31 мың 899 қолтаңбалардан ҳәр бир ҳәкимшилик-аймақлық структураның ҳәр биринен таңлаў тийкарында теңдей пропорцияда эксперт топары тәрепинен тексериў ушын ажыратып алынды.

Эксперт топары тәрепинен тексериў ушын сайлап алынған 31 мың 899 қолтаңбаға байланыслы қолтаңба қағазларын толтырыўда жол қойылған кемшиликлер 5,4 процентти қурап, бул сан үйренилген қолтаңбалардың шерек бөлегинен, яғный жол қойылыўы мүмкин болған қәте-кемшиликлердиң муғдары 25 проценттен сезилерли дәрежеде аз екенлиги анықланған.

Эксперт топарының ағзалары жоқарыдағылардан келип шығып, Өзбекстан Халық демократиялық партиясы тәрепинен тексериў ушын усынылған қолтаңбалар нызам талапларына муўапық жыйналғанын есапқа алып, жыйналған қолтаңба қағазлары талабанды есапқа алыў ушын жетерли муғдарда жыйналған ҳәм Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодекси ҳәм Орайлық сайлаў комиссиясының жоқарыда атап өтилген Режеси талапларына сәйкес, деген жуўмаққа келген.

Орайлық сайлаў комиссиясының жумысшы топары өз гезегинде Өзбекстан Халық демократиялық партиясы тәрепинен усынылған барлық ҳүжжетлер Өзбекстан Республикасы Конституциясының 90-статьясы ҳәм Сайлаў кодексиниң 37, 39, 40, 61, 62 ҳәм 64-статьяларының талапларына муўапық екенлигин үйренип шықты ҳәм эксперт топарының жуўмағы есапқа алынды.

Халық демократиялық партиясы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан нызам талапларына әмел еткен ҳалда көрсетилген. Өзбекстан Республикасы Президентлигине көрсетилген талабанды дизимге алыў ушын ҳүжжетлер толық ҳәм өз ўақтында усынылған.

Усылар есапқа алынып, Өзбекстан Халық демократиялық партиясынан Өзбекстан Республикасы Президентлигине көрсетилген талабан Мақсуда Ворисова дизимге алынды.

Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы ҳәм оның орынлардағы аймақлы уйымлары тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентлигине көрсетилген талабан Баҳром Абдураҳимович Абдуҳалимовты қоллап-қуўатлаўшы жәми 213 мыңнан аслам сайлаўшының қолтаңбасы жыйналған.

Соннан Өзбекстан Республикасы жәми сайлаўшылары улыўма санының кеминде бир проценти, яғный 212 мың 660 сайлаўшының қолы қойылған қолтаңба қағазлары аймақлар бойынша өз алдына жыйналған ҳалда Орайлық сайлаў комиссиясына усынылған. Қалған қолтаңба қағазлары сиясий партияда резерв сыпатында қалдырылған.

Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң 39-статьясы ҳәм Орайлық сайлаў комиссиясының тийисли Режесиниң 14, 15-бәнтлерине тийкарланып 212 мың 660 қолтаңбаға 15 процент қолтаңбалар, яғный 31 мың 899 қолтаңбалар ҳәр бир ҳәкимшилик-аймақлық структурадан Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәр биринен таңлаў тийкарында теңдей пропорцияда эксперт топары тәрепинен тексериў ушын ажыратып алынды.

Эксперт топары тәрепинен тексериў ушын сайлап алынған 31 мың 899 қолтаңбаға байланыслы қолтаңба қағазларын толтырыўда жол қойылған қәте-кемшиликлер 7 процентти қурап, бул сан орнатылған қолтаңбалардың шерек бөлегинен, яғный жол қойылыўы мүмкин болған қәте-кемшиликлердиң муғдары 25 проценттен сезилерли дәрежеде аз екенлиги анықланған.

Эксперт топары ағзалары Өзбекстан «Адолат» СДП тәрепинен тексериў ушын усынылған қолтаңбалар нызам талапларына муўапық жыйналғанын есапқа алып, жыйналған қолтаңба қағазлары талабанды дизимге алыў ушын жетерли муғдарда жыйналған ҳәм Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодекси ҳәм Орайлық сайлаў комиссиясының жоқарыда атап өтилген Режеси талапларына сәйкес, деген шешимге келген.

Орайлық сайлаў комиссиясының жумысшы топары Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы тәрепинен усыныс етилген барлық ҳүжжетлерди Өзбекстан Республикасы Конституциясының 90-статьясы ҳәм Сайлаў кодексиниң 37, 39, 40, 61, 62 ҳәм 64-статьяларының талапларына муўапық екенлигин үйренип шықты ҳәм эксперт топарының шешимин есапқа алды.

«Өзбекстан  «Адолат» СДП тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан нызам талапларына әмел еткен ҳалда көрсетилген. Партия тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентлигине көрсетилген талабанды дизимге алыў ушын ҳүжжетлер толық ҳәм өз ўақтында усынылған. Оған бола, Өзбекстан «Адолат» СДПдан Өзбекстан Республикасы Президентлигине көрсетилген талабан Баҳром Абдуҳалимов дизимге алынды.

Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы тәрепинен усынылған қолтаңба қағазларының дурыс толтырылғанын тексериў бойынша Орайлық сайлаў комиссиясының эксперт топары ҳәм жумысшы топардың жуўмақларына бола,  партия ҳәм оның орынлардағы аймақлық уйымлары тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентлигине көрсетилген талабан Шавкат Миромонович Мирзиёевти қоллап-қуўатлаўшы жәми 300 мыңнан аслам сайлаўшының қолтаңбасы жыйналған.

Соннан Өзбекстан Республикасының жәми сайлаўшылары улыўма санының кеминде бир проценти, яғный 212 мың 660 сайлаўшының қолы қойылған қолтаңба қағазлары аймақлар бойынша өз алдына тақланған ҳалда Орайлық сайлаў комиссиясына усынылған. Қалған қолтаңба қағазлары сиясий партияда резерв сыпатында қалдырылған.

Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң 39-статьясы ҳәм тийисли Режениң 14, 15-бәнтлерине тийкарланып 212 мың 660 қолтаңбаға 15 процент қолтаңбалар, яғный 31 мың 899 қолтаңбалардан ҳәр бир ҳәкимшилик-аймақлық структурадан Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәр биринен таңлаў тийкарында теңдей пропорцияда эксперт топары тәрепинен тексериў ушын ажыратып алынды.

Эксперт топары тәрепинен тексериў ушын таңлап алынған 31 мың 899, қолтаңбаға байланыслы қолтаңба қағазларын толтырыўда жол қойылған кемшиликлер 3, 4 процентти қурап, бул сан үйренилген қолтаңбалардың шерек бөлегинен, яғный жол қойылыўы мүмкин болған қәте-кемшиликлердиң муғдары 25 проценттен сезилерли дәрежеде аз екенлиги анықланған. Орайлық сайлаў комиссиясына усынылған қолтаңбалардың улыўма санының ярым процентинен де аз муғдарын қурайды. Эксперт топарының ағзалары Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы тәрепинен тексериў ушын усыныс етилген қолтаңбалар нызам талапларына муўапық жыйналғанын есапқа алып, жыйналған қолтаңба қағазлары талабанды дизимге алыў ушын жетерли муғдарда ҳәм Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодекси ҳәм Орайлық сайлаў комиссиясының жоқарыда атап өтилген Режеси талапларына сәйкес, деген шешимге келген.

Орайлық сайлаў комиссиясының жумысшы топары Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы тәрепинен усынылған барлық ҳүжжетлерди Өзбекстан Республикасы Конституциясының 90-статьясы ҳәм Сайлаў кодексиниң 37, 39, 40, 61, 62 ҳәм 64-статьяларының талапларына муўапык екенлигин үйренип шығып ҳәм эксперт топарының шешимин есапқа алған.

Өзбекстан Республикасы Президентлигине Шавкат Миромонович Мирзиёевтиң кандидатурасы Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы тәрепинен нызам талапларына толық әмел еткен ҳалда көрсетилген.

Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентлигине көрсетилген талабанды дизимге алыў ушын ҳүжжетлер толық ҳәм өз ўақтында усынылған. Усы тәрептен ӨзЛиДеПтен Өзбекстан Республикасы Президентлигине көрсетилген талабан Шавкат Мирзиёев дизимге алынды.

Орайлық сайлаў комиссиясы сиясий партиялардың ўәкилликли ўәкиллерине сиясий партиялар тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентлигине көрсетилген талабанлар дизимге алынғаны ҳаққындағы қарар ҳәм талабанлардың гүўалықларын тапсырды.

 

Нурилло НАСРИЕВ,

ӨзАның хабаршысы