Аўғанстанның Ҳайратон қаласында 14-сентябрь күни усы мәмлекеттиң халқына Өзбекстан тәрепинен ажыратылған гуманитарлық жәрдемниң тапсырылыўына бағышланған салтанатлы мәресим болып өтти.

Гуманитарлық жәрдем ун, ҳәр қыйлы азық-аўқат өнимлери, дәслепки зәрүр товарлар, дәри-дармақлар, кийим-кеншек ҳәм аяқ-кийимлерден ибарат болып, бул өзбек халқының дос Аўғанстанға көрсетип атырған жәрдеминиң және бир белгиси.

Мәресимде шығып сөйлеген Аўғанстан ўақытша ҳүкиметиниң рәсмий ўәкили Забиҳулла Мужоҳид пүткил аўған халқының атынан Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевқа ҳәзирги сынаўлы дәўирде мәмлекетке көрсетилип атырған жоқары итибары ҳәм қоллап-қуўатлағаны ушын терең миннетдаршылық билдирди.

Айрықша атап өтилгениндей, Аўғанстан халқына жәрдем көрсетиў шақырығына Өзбекстан басшысы бириншилерден болып итибар қаратты. Оның сиясатын көп миллетли Аўғанстан халқы ҳақыйқый адамгершилик, дослық ҳәм жақсы қоңсышылықтың көриниси сыпатында баҳалады.

Илажда шығып сөйлеген Балх ўәлаятының губернаторы Қудратилло Абу Ҳамза гуманитарлық жәрдем өз ўақтында берилип ғана қалмастан, ал айрықша зәрүрлик екенин, бул болса халықларымыз арасында әсирлер бойы даўам етип киятырған тарийхый, мәдений ҳәм руўхый байланысларды және бир мәрте дәлиллегенин атап өтти.

Оның сөзлерине бола, бул жәрдем негизинде Аўғанстанға пандемия ақыбетлерин сапластырыўға, сондай-ақ, мәмлекетте жүзеге келиўи мүмкин болған азық-аўқат кризисиниң алдын алыўға хызмет етеди.

 

Өзбекстан Республикасы

Сыртқы ислер министрлигиниң

Баспасөз хызмети.

(ӨзА)