Ҳәммемизге белгили 2021-жыл 24-октябрь күни Өзекстан Республикасы Президентлигине сайлаў болып өтеди. Мәмлекетимизде усы сайлаўға таярлық, президентликке талабанларды дизимге алыў ҳәм олардың бағдарламаларын усыныў илажлары даўам етпекте.
Усы жыл 9-сентябрь күни Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясының Х қурылтайы болып өтти. Онда Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында қатнасыў ушын партиядан талабан етип Ш.Мирзиёев усынылды ҳәм сайлаў алды бағдарламасының тийкарғы бағдарлары ҳаққында шығып сөйледи.
Әнжуманда Ш.Мирзиёев «Жаңа Өзбекстан-инсан қәдири тийкарғы болған жәмийет ҳәм халықшыл мәмлекет» деп аталған шығып сөйлеўинде жаңа Өзбекстанды жоқары мәденият ҳәм мәнаўиятқа ийе болған, еркин ҳәм бахытлы инсанлар жасайтуғын мәмлекетке айландырыў ушын «Жаңа Өзбекстан мәрипатлы жәмийет» концепциясы ҳәм оны әмелге асырыў миллий бағдарламасы ислеп шығылатуғынлығын алға қойды.
Онда бәринен бурын, жәмийет ағзалары, халық, әсиресе, жаслардың пикирлеў дәрежесин ҳәм интелектуаллық билимин, дүньяға көзқарасын жетилистириў, ана Ўатанға садық, бәркамал инсан етип тәрбиялаў баслы ўазыйпалардан саналатуғынлығы атап өтилди. Сондай-ақ, илим-билимлендириў, көркем өнер ҳәм мәденият, әдебият, көркем дөретиўшилик тараўларын елимиз раўажланыўындағы орны менен тәсирин буннан былай да арттырыў, дөретиўши зыялыларға ғамқорлық етиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-куўатлаў ҳәм жасаў шараятларын жақсылаўға қаратылған илажлар буннан және де жетилистирилетуғынлығы айрықша атап өтилди.
Әнжуманда Ш.Мирзиёев жоқары билимлендириў тараўында әмелге асырылатуғын ўазыйпаларға да тоқтап, тараўда бәсеки оралығын күшейтиў мақсетинде 2026-жылға шекем жеке меншик жоқары оқыў орынларының саны кеминде 50 ге жеткерилетуғынлығы, онда оқып билим алатуғын студент-жасларға 7 жыллық тәлим кредитлерин алыў тәртиби енгизилетуғынлығы билдирилип өтилди.
Әлбетте, жоқарыда атап өтилген, елимизди раўажландырыўға қаратылған ийгиликли ислердиң бәршеси халықтың жасаў шараятын жақсылаў, социаллық-экономикалық тараўды және де жетилистриў, бул бағдардағы белгиленген ўазыйпалар турмысымызды буннан былай да абат етиўде тийкар болады, деп исенемиз.
Мухтар ИБРАГИМОВ,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты,
ӨзЛиДеП фракциясының ағзасы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги