«Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети тәрепинен усы жылдың 10-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң мәжилислер залында «COVID-19ға қарсы шаншыў: Әпсана ҳәм ҳақыйқат» атамасында ашық сәўбетлесиў шөлкемлестирилди.
Илажға денсаўлықты сақлаў министрлиги, санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы хызметиниң баслықлары ҳәм қәнигелери, пуқаралар жыйынларының баслықлары, кең жәмийетшилик, диний шөлкемлердиң ўәкиллери, белсенди жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.
Ашық сәўбетлесиўди «Юксалиш» улыўмамиллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Тажибай Романов алып барды.
Ушырасыўда «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети баслығының орынбасары Шерзод Сапаров, Өзбекстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы хызметиниң қәнигеси Насиба Таирова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жәҳәндеги ҳәм елимиздеги « СOVID-19»ға байланыслы ҳәзирги жағдай туўралы кең түрде мағлыўматлар берилди.
Ушырасыўда халық вакциналар ҳаққында қандай мағлыўматларға ийе?, Олардың вакцинаға мүтәжлиги қай дәрежеде?, “СOVID-19”ға қарсы шаншыў бойынша пуқараларды қәўетерге салып атырған себеплер не?, Вакцина алыўға нелер тосқынлық етпекте?, Адамлардың шаншылыўы ушын қандай шараятлар жаратылыўы керек? ҳәм басқа да усы сыяқлы сораўлар бойынша сәўбетлесиўлер алып барылды.
Сондай-ақ, халық арасында “СOVID-19”ға қарсы вакцина қабыл етиўди үгит-нәсиятлаўда жаслар, жәмийетшилик ҳәм диний жетекшилерди тартыў бойынша алып барылып атырған жумыслар, алып келинген вакциналар бойынша қәниге мәсләҳәтлери, эпидемиологиялық жағдай, коронавирусты жуқтырыў ҳәм машқалалар, “СOVID-19” профилактикасы бойынша басланғыш ис-илажлар ҳаққында мағлыўматлар берилди.
-Усындай ушырасыўларды өткериўден тийкарғы мақсет – эпидемиологиялық турақлылық ушын халықтың вакцина алыўдағы жуўапкершилигин арттырыў, республикамызда коронавирусқа қарсы ғалаба түрде шаншыў илажларын және де жеделлестириў, бул арқалы мәмлекетимизде эпидемиологиялық турақлылыққа ерисиў мақсетинде тараў қәнигелери тәрепинен вакцинация процесинде әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелигин арттырыў ҳәм халықтың пикир-усынысларын тыңлаў болып есапланады,-дейди Насиба Таирова.
Ашық сәўбетлесиўде денсаўлықты сақлаў тараўы қәнигелери тәрепинен берилген мағлыўматлардан соң додалаўлар басланды. Додалаўлар барысында қатнасыўшылар тәрепинен сораўлар берилди ҳәм пикир-усыныслар билдирилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги