2021-2022-оқыў жылынан баслап Қарақалпақстан Республикасындағы жоқары оқыў орынларында оқып атырған қәбилетли студентлерди хошаметлеў мақсетинде Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергенов, сондай-ақ, Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсупов атындағы мәмлекетлик стипендиялары енгизиледи.

Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң 2021-жыл 9-сентябрьдеги “Республикалық жоқары билимлендириў мәкемелеринде оқып атырған, илимий-изертлеў жумыслары менен шуғылланып атырған қәбилетли жасларды буннан былай да қоллап-қуўатлаў ҳаққында”ғы пәрманында атап өтилген.

Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.