Нөкис қаласында жаңадан шөлкемлестирилген Опера ҳәм бақсышылық көркем өнерине қәнигелестирилген мектеп интернатының салтанатлы ашылыў мәресими өткерилди.

Оған республикамызға белгили көркем өнер шеберлери, нураный устазлар, кең жәмийетшилик ўәкиллери менен ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери  қатнасты.

Ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Қ.Турдиев ҳәм  мектеп директоры Д.Хожабергеновлар шығып сөйлеп, Президентимиздиң көркем өнер тараўына қаратып атырған итибар ҳәм ғамхорлықлары ҳаққында атап өтти ҳәм мектеп интернатының ашылыўы менен қызғын қутлықлап, оқыўшы жасларға мектеп  жәмәәтине табыслар тиледи.

– Мектепти шөлкемлестириўдеги тийкарғы мақсет – тарийхымызды, мәдениятымызды терең үйрениў, өзлигимизди аңлаўдан ибарат. Мектеп-интернатымыз усы дәстүрди даўам еттириў, жас әўладқа жеткериўге хызмет етеди. Оқыў дәргайы 150 орынға мөлшерленген болып, оған 9-классты питкерген талантлы оқыўшы жаслар таңлаў тийкарында қабыл етиледи. Быйыл 25 ул-қыз оқыўды баслады. Оларға белгили көркем өнер шеберлери ҳәм педагоглар сабақ бермекте, – дейди Опера ҳәм бақсышылық көркем өнерине қәнигелестирилген мектеп интернатының директоры Д.Хожабергенов.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов қатнасты.

Илаж қатнасыўшыларына көркем өнер шеберлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги