Елимиздиң барлық аймақлары сыяқлы республикамызда да жаңа оқыў жылының дәслепки қоңыраўлары қағылды.
Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигинен алынған мағлыўмат бойынша, 2021-2022-оқыў жылының биринши класына жәми 34 мыңнан аслам оқыўшы қабыл етилген болып, оларға 12 түрдеги оқыў қураллары, мектеп сумкасы, сабақлықлар топламынан ибарат Президент саўғалары тапсырылды.
Нөкис қаласындағы 37-санлы қәнигелестирилген улыўма орта билим бериў мектебинде жаңа оқыў жылының басланыўы мүнәсибети менен «Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық!» сүрени астында илаж болып өтти.
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов шығып сөйлеп, жыйналғанларды жаңа оқыў жылының басланыўы менен қутлықлады. Президентимиз тәрепинен алға қойылған «Жаңа Өзбекстан мектеп босағасынан басланады» деген идея тийкарында тәлим-тәрбия системасында түпкиликли реформалардың әмелге асырылып атырғанлығы айрықша атап өтилди. Оқыўшылардың келешекте елимиздиң раўажланыўына үлкен үлес қосыўына исеним билдирип, оларға бул жолда табыслар тиледи.
Қәнигелестирилген улыўма орта билим бериў мектебинде 85 класста жәми 2683 оқыўшы билим алады. Соннан 280 оқыўшы биринши классқа қабыл етилди. Елимиз ғәрезсизлигиниң отыз жыллығы байрамы алдынан жас әўладты ўатансүйиўшилик руўхында саламат ҳәм бәркамал етип тәрбиялаўға қосқан үлкен үлеси ушын мектептиң баслаўыш класс муғаллими Галина Цецура «Дўстлик» ордени менен сыйлықланды.
Барлық классларда жаңа оқыў жылы «Ғәрезсизлик сабағы» менен басланып, онда оқыўшыларға Президентимиз басшылығында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ҳаққында мағлыўмат берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги