1-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған менен телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.
Сөйлесиў алдында Түркия басшысы мәмлекетимиз басшысы ҳәм Өзбекстанның көп миллетли халқын елимиз ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы менен шын кеўилден қутлықлады. Дос Түркия халқы атынан Өзбекстанға тынышлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тилеклерин билдирди.
Президентлер еки тәреплеме бирге ислесиў күн тәртиби бойынша пикир алысты.
Быйылғы жылдың басынан өз-ара саўда көрсеткишлери еки есе есеге өскени ҳәм 240тан аслам қоспа кәрхана шөлкемлестирилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Мәмлекетлеримиздиң жетекши компанияларының кооперациясы күшейип бармақта, атап айтқанда, энергетика, санаат, аўыл хожалығы, инфраструктура, туризм ҳәм басқа тараўларда әҳмийетли инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта.
Қоспа билимлендириў ҳәм мәдений-гуманитарлық бағдарламалар нәтийжели түрде енгизилмекте. Мәселен, усы жылдың август айында түркиялы жетекши қәнигелер Ташкент ҳәм Самарқанд қалаларындағы архитектуралық-қурылыс институтларына басшы болды.
Жетекшилер болажақ жоқары дәрежедеги илажлар режесин, соның ишинде, Стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң гезектеги мәжилисине таярлық мәселелерин көрип шықты.
Аўғанстандағы әскерий-сиясий жағдайдың кескинлесиўи тәсиринде региондағы жағдайдың раўажланыўына айрықша итибар қаратылды. Регионаллық қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеў мәселелери бойынша байланыслар ҳәм көп тәреплеме қатнасықты даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
ӨзА.