Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 1-сентябрь күни Бирлескен Араб Әмирликлери Вице-президенти, Бас ўәзири, Дубай Әмирлигиниң ҳәкими Муҳаммад бин Рошид Ол Мактум менен телефон арқалы байланыс жасады.
Әмирликлер Вице-президенти мәмлекетимиз басшысы ҳәм Өзбекстан халқын мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы менен шын кеўилден қутлықлап, тынышлық, абаданлық, үлкен жетискенликлер ҳәм раўажланыў тиледи.
Еки тәреплеме бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды, 2019-жылдың март айында Бирлескен Араб Әмирликлерине жоқары дәрежедеги сапардың жуўмақлары бойынша ерисилген келисимлердиң орынланыў жағдайы көрип шығылды.
Саўда-экономикалық, инвестициялық, энергетика, транспорт-коммуникациялық ҳәм басқа тараўлардағы әмелий бирге ислесиўдиң нәтийжелери қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Ma!da4 компаниясы менен биргеликте Өзбекстандағы биринши қуяш фотоэлектр станциясы табыслы қурылғаны ҳәм иске түсирилгени атап өтилди.
Биргеликтеги ис-ҳәрекетлер менен билимлендириў ҳәм гуманитар алмасыў бағдарламалары жедел алға қойылмақта. Мәмлекетимизде мәмлекетлик басқарыўдың нәтийжелилигин арттырыў бағдарындағы илажлар шеңберинде Ташкент қаласында Ҳүкимет акселераторы офиси өз жумысын баслады.
Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша да пикир алысылды.
ӨзА.