Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 30 жыллығына бағышланып Нөкис қаласындағы Ашық театрда «Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық!» атамасындағы театрластырылған әдебий музыкалы-хореографиялық байрам салтанаты өткерилди

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 17-декабрьдеги «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы арнаўлы қарары тийкарында республикамыз бойлап кең көлемли таярлық жумыслары алып барылды.  Быйылғы жылғы байрамның «Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайықӘ» сүрени астында өткерилиўинде де терең мәни бар.

2021-жыл, 1-сентябрь. Нөкис қаласындағы Ашық театр, оның әтирапы елимиз ғәрезсизлигин, мийнеткеш халқымызды, халықлар дослығын улығлаўшы шақырық-сүренлер, инсанға заўық бағышлайтуған рәңбәрең гүллер, түрли реңдеги жақтыландырыўшы шырақлар менен безелген.

Шақырық сазы менен байрам салтанаты басланып, сөз Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камаловқа берилди.

Республикамыз басшысы жыйналғанларды, гүллән халқымызды елимиз ғәрезсизлигиниң 30 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлады.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басшылығында қысқа ўақыттың ишинде барлық аймақлар қатарында Қарақалпақстан Республикасында да кең көлемли реформалар әмелге асырылып, елимизди социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Соңғы бес жылда елимизде киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик, санаат, хызмет көрсетиў ҳәм аўыл хожалығы тараўларында бир қатар инвестициялық жойбарлар әмелге асырылды.  Буның нәтийжесинде халқымыз ушын көплеген жаңа жумыс орынлары жаратылып, бир қатар ири өндирис кәрханалары, социаллық объектлер халқымыздың ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылды. Кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери», «Жаслар дәптери» жолға қойылды.

Жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды кәсип-өнерге ҳәм исбилерменликке үйретиў, ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың қәбилетин жүзеге шығырыў бағдарында бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Өз гезегинде жасларымыз бундай итибар және ғамқорлыққа жуўап ретинде түрли тараўларда табысларды қолға киргизбекте. Жақында Япония пайтахты Токио қаласында болып өткен Олимпиада ойынларында Өзбекстан сайланды командасының қурамында республикамыздан 4 спортшының қатнасқаны буның айқын мысалы болып табылады.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Буннан соң Япония пайтахты Токио қаласында болып өткен Олимпиада ойынларына қатнасып қайтқан спортшыларды ҳәм олардың тренерлерин сыйлықлаў мәресими болды.

Байрам алдынан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарарына муўапық,  Шарофиддин Болтабаев, Жалғасбай Бердимуратов, Зайнаб Дайибекова, Шерзод Мамутовлар «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген спортшы»,  Олимпиада ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектеби қылышласыў спорт түри бойынша тренер-оқытыўшысы Дәўирбек Жийемуратов «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген тренер» ҳүрметли атақлары, усы мектептиң грек-рим гүреси тренер-оқытыўшысы Рустам Ерназаров «Ўатан пидайысы» көкирек белгиси менен сыйлықланған еди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов усы ҳүрметли атақларды ҳәм көкирек белгисин, спортшылардың ҳәр бирине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ақшалай сыйлығын тапсырды.

Байрам концерти Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына хызмет көрсеткен артист Э.Айтниязова ҳәм Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист Д.Хожабергеновлардың атқарыўындағы «Ана жер ана» қосығы менен даўам етти. Буннан  кейин ғәрезсизлик, дослық, бахытлы ҳәм абадан турмысымызды тәрийплеўши қосық ҳәм аяқ ойынлар атқарылды.

Бүгинги күни елимизде жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың қәбилетлерин жүзеге шығарыўы ушын барлық шараят жаратылған.  Булар Нөкис қаласындағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери оқыўшыларының, Нөкис қалалық мәденият бөлими жанындағы «Ғумша» балалар үлгили ансамбли, 1-санлы «Меҳрибанлық үйи»ниң «Таң шуғласы» ансамбли ағзаларының атқарыўындағы «Бахытлы балалық» композициясында және бир мәрте өз көринисин тапты.

Елимизде денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға айрықша әҳмийет берилмекте. Байрам тамашасының спорт бөлиминде  келешегинен үмит күттиретуғын жас спортшылардың көргизбели шығыўы болды.

Байрам тамашасында Арқа-Батыс  әскерий округи әскерлериниң салтанатлы шығыўы, олар тәрепинен Ўатан сүйиўшилик сезимлерин жырлаўшы қосықлар жыйналғанларда айрықша тәсир қалдырды.

Республикамызда түрли миллет ўәкиллери бир шаңарақ ағзаларындай беккем аўызбиршиликте жасап ҳәм мийнет етип келмекте. Илажда корейс, түркмен, рус, қазақ ҳәм украин халықларының миллий қосықлары шеберлик пенен атқарылды.

Байрам тамашасы «Ҳүр Өзбекстан» көркем композициясы менен жуўмақланды.

Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 30 жыллығына бағышланған рәңбе-рең байрам илажлары республикамыздың қала ҳәм аўылларында жоқары катериңкилик руўхында өткерилди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.