Президент Шавкат Мирзиёевтиң қарарына муўапық, Ислам Кәримов қайтыс болған 2-сентябрь сәнеси Еслеў күни сыпатында белгиленген. Бул күнде жәмийетшилик жыйналып, Биринши Президентимизди еске алыў жақсы дәстүрге айланған.

Мәмлекетимиз басшысы 2-сентябрь күни Ислам Кәримов атындағы руўхый-ағартыўшылық естелик комплексине барды. Биринши Президентимиздиң естелигине гүл қойып, оның естелигине ҳүрмет көрсетти.

Қуран оқылды.

Өткенлерди жақсылықлары менен еслеў – ийгиликли пазыйлет. Ата-бабалардың ҳүрметин орнына қойған инсанның өзи де ҳүрметке ылайық.

Шавкат Мирзиёев ғәрезсизлигимиздиң 30 жыллық байрамына бағышланған салтанатлы мәресимде Ислам Кәримов Өзбекстан ғәрезсизлигин жәриялап, тарийхымыздың ең қыйын ҳәм аўыр дәўирлеринде мәмлекетимизди басқарғанын атап өтти.

Усы еслеў илажы да халқымыздың Биринши Президентке ҳүрметиниң көриниси болып есапланады.

Мәресимде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Нызамшылық палатасы, Президент Администрациясы, Министрлер Кабинети, министрликлер ҳәм уйымлар, пайтахт жәмийетшилигиниң ўәкиллери де қатнасты.

Ислам Кәримовтың Самарқанд ҳәм Қаршы қалаларындағы естеликлерине де гүллер қойылды.

ӨзА