Усы жыл 1-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов,  Нөкис қаласының ҳәкими У.Панаев, Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы  М.Абдижалиев шығып сөйлеп, жыйналғанларды елимиз ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы ҳәм жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, быйылғы жылдың биринши ярымында халыққа ҳәм исбилерменлик субъектлерине 576 мыңнан зыят мәмлекетлик хызмет көрсетилген. Буның өзи халқымыз бенен исбилерменлик субъектлериниң мәмлекетлик хызметлерге болған талабының жылдан-жылға артып баратырғанлығын көрсетеди.  Басқарма шөлкемлестирилген дәслепки жылы исбилерменлик субъектлери менен халыққа 33 түрдеги мәмлекетлик хызмет көрсетилген болса, бүгинги күнге келип 160 тан зыят мәмлекетлик хызмет көрсетилмекте.

Президентимиздиң 2020-жыл 31-январьдағы «Мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң миллий системасын жедел раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманының орынланыўын тәмийинлеў, қала ҳәм район орайларынан алыс болған аймақларда жасаўшы халыққа кең имканиятлар жаратыў мақсетинде шетки аймақларда да мәмлекетлик хызметлер орайларының филиаллары ашылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасы, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлери ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил-Бизнес Омбудсман, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Қарақалпақстан Республикасындағы Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасының басқарма менен бир имаратта жайласқанлығы исбилерменлик субъектлери менен халқымызға ҳәртәреплеме қолайлық жаратады.

Илаж қатнасыўшылары жаңа имаратта жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.