Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарарына муўапық, елимиздиң ғәрезсизлигин беккемлеўдеги, оның экономикалық потенциалын арттырыўдағы, тараўларда алып барылып атырған реформаларды табыслы әмелге асырыўдағы нәтийжели мийнети, мәмлекетимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳәм халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў жолындағы пидәкерлик мийнетлери, жәмийетимизде миллетлер аралық дослық ҳәм татыўлықты беккемлеў, жас әўладты Ўатанды сүйиўшилик ҳәм ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында және жәмийетлик –сиясий турмысымыздағы белсендилиги ушын бир топар жерлеслеримиз ҳүрметли атақлар ҳәм көкирек белгилери менен сыйлықланған еди.
2021-жыл 1-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде усы ҳүрметли атақлар ҳәм көкирек белгилерин тапсырыў мәресими болды.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов жыйналғанларды елимиз ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басшылығында елимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысында үлкен реформалар, өзгерислер әмелге асырылмақта. Елимиз басшысының республикамызға болған айрықша итибары ҳәм ғамқорлығы нәтийжесинде барлық аймақларда кең көлемли қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылмақта. Мине, усы әҳмийетли ислерди әмелге асырыўға белсене қатнасып атырғанлардың бир топары байрам алдынан Қарақалпақстан Республикасының ҳүрметли атақлары ҳәм көкирек белгилери менен менен сыйлықланды.
Илажда усы ҳүрметли атақлар ҳәм көкирек белгилери өз ийелерине салтанатлы жағдайда тапсырылды.
Сыйлықланғанлар атынан Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрының сахналастырыўшы художниги, Қарақалпақстан Республикасы халық художниги Барлықбай Айтмуратов, Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалының профессоры, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери Узақбай Исмаилов, Қарақалпақстан Республикасы И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейи этнография бөлиминиң баслығы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери Айгүл Пирназарова, «Тақыятас ыссылық электр станциясы» акционерлик жәмийетиниң үскенелерди оңлаў ҳәм сынаў участкасының устасы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген санаат хызметкери Олег Трубников ҳәм басқалар сөзге шығып, мийнетлерин жоқары баҳалағаны ушын миннетдаршылық билдирди.
-Халқымызды арзан ҳәм сапалы шарўашылық өнимлери менен тәмийинлеўдеги мийнетимди баҳалағаны ушын шексиз қуўаныштаман,-дейди Елликқала районындағы «Ислам насл чорва» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген шарўа Исламбек Джуманиязов.-Келешекте жумыс орынларын көплеп жаратып, өнимниң түрлерин көбейтиўге ҳәрекет етемиз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.