Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2-сентябрь күни Ташкент қаласында өтип атырған Ислам раўажланыў банки (ИРБ) Басқарыўшылар кеңесиниң 46-жыллық мәжилиси шеңберинде мәмлекетимизде болып турған Ислам Раўажланыў банкиниң президенти Муҳаммад бин Сулайман Ал-Жассирди қабыл етти.
Ушырасыў алдынан ИРБ президенти мәмлекетимиз басшысы ҳәм Өзбекстан халқын мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы менен қутлықлап, турақлы раўажланыў, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.
Пандемия басланғанынан берли дәслепки рет Банктиң ең әҳмийетли илажы усы күнлерде пайтахтымызда жанлы тәризде өткерилип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Жоқары дәрежедеги бул форумда ИРБға ағза мәмлекетлер ҳүкиметлериниң ўәкиллери, халықаралық шөлкемлердиң басшылары, исбилерменлик топарлар ҳәм абыройлы экспертлер, ғалаба хабар қураллары хызметкерлери қатнаспақта. Онлайн ҳәм оффлайн тәризиндеги илажларда 4,5 мыңға шамалас делегат қатнаспақта.
Өзбекстан жетекшиси Муҳаммад Ал-Жассирди ИРБ президенти лаўазымына сайланғаны менен және бир мәрте қутлықлады.
Еки тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери бойынша пикир алысылды.
Мәмлекетимиз басшысы ИРБ менен шерикликтиң избе-из кеңейип атырғанын жоқары баҳалап, Банк Өзбекстандағы кең көлемли реформалардың жаңа бағдарламасын қоллап-қуўатлап атырғаны ҳәм оны алға қойыўға әҳмийетли үлес қосып атырғанын айрықша атап өтти.
Бүгинги күнде әмелий бирге ислесиў портфели транспорт, турақ жай коммунал инфраструктура, энергетика, аўыл ҳәм суў хожалығы, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, исбилерменлик ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларды қамтып алған баҳасы 2,5 миллиард доллардан аслам болған 30 жойбардан ибарат.
Ушырасыўда көп қырлы шерикликти кеңейтиў перспективаларына айрықша итибар қаратылды.
Бул бағдарда 2022-2025-жылларға мөлшерленген жаңа бирге ислесиў бағдарламасын жақын ўақытта қабыл етиў ҳәм әмелге асырыў және Ташкент қаласында ИРБниң толық ўәкилханасын иске қосыў, қаржыландырыў инструментлериниң нәтийжелилигин арттырыў әҳмийетли екени атап өтилди.
Жаңадан шөлкемлестирилип атырған Өзбекстанның экономикалық имканиятларын кеңейтиў қорының жумысы жеке меншик исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, халық, әсиресе, ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың абаданлығын арттырыў ушын нәтийжели механизм болып хызмет ететуғынына үмит билдирилди.
Өзбекстан ҳәм ИРБ арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм кең көлемли бирге ислесиўди раўажландырыў мақсетинде өз-ара тығыз ислесиў ҳәм жедел сөйлесиўлерди даўам еттириўге келисип алынды.
ӨзА