Fәрезсизлигимиздиң 30 жыллығына бағышланып, өткерилип атырған илажлар орынларда даўам етпекте.
Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы тәрепинен байрамға бағышланған салтанатлы илаж өткерилди.
Илажды басқарма баслығы О.Хожиматов ашып берди.
Илажда, елимиздиң экономикалық мәплерин қорғаў, қәўипсизлигин тәмийинлеў, бажыхана қадағалаўы ҳәм рәсмийлестириўин әмелге асырыў ҳәм басқа да тийисли ўазыйпаларын шын кеўилден орынлаўда айрықша көзге түсип киятырған бир қатар бажыханашылар ҳүрмет пенен тилге алынды.
Атап өтилгениндей, басқарма баслығы Олимжон Хожиматовтың «Содиқ хизматлари учун» медалы, «Хожели» шегара бажыхана посты аға инспекторы Шаида Жуманиязованың «Дўстлик» ордени, сондай-ақ, хызмет даўамында жоқары нәтийжелерге ерискен 5 хызметкердиң «Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы» естелик белгиси менен сыйлықланыўы өз ўазыйпаларын шын кеўилден атқарып атырған барлық бажыхана хызметкерлери ушын жоқары итибар болып есапланады.
Илаж даўамында бир қатар хызметкерлерге «Мәмлекетлик бажыхана хызмети ағласы» көкирек белгиси, Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң Ҳүрмет жарлықлары, естелик саўғалары, сондай-ақ, жоқары лаўазым ҳәм арнаўлы дәрежелер салтанатлы жағдайда тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги