Елимиз тарийхындағы қутлы сәне, еркин ҳәм абадан турмыс жолындағы барлық табысларымыздың тийкары болған ең уллы ҳәм ең әзиз әййям – ғәрезсизлигимиздиң отыз жыллық байрамы ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы қарарына муўапық пүткил елимиз бойлап «Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық!» деген терең мазмунлы сүрен астында өткерилиўи кеўиллерди толқынландырып, бәршени уллы дөретиўшилик ислерге руўхландырмақта.

Соны мақтаныш пенен атап өтиўимиз тийис, бүгинги күнде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында елимиздиң барлық орынлары сыяқлы районымыз жаңаша шырай ашып, үлкен дөретиўшилик майданына айланып бармақта.

Әсиресе, соңғы жылларда районымыз аймағында кең көлемли қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылмақта. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Абат аўыл» бағдарламасына киргизилген «Бердақ» ҳәм «Қойбақ» АПЖ аймағында, социаллық тараў объектлеринде, инженерлик коммуникация тармақлары тараўларында, халықтың ишимлик суўы тәмийнатын жақсылаў мақсетинде, жол инфраструктурасын раўажландырыў бойынша жәми  45,4  миллиард сумлық қурылыс жумыслары алып барылып, жуўмақланыў алдында тур.

Буннан басқа, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси  Президиумының 2021-жыл 4-майдағы арнаўлы қарарына муўапық район аймағында, жәми 43,2 миллиард сумлық ири қурылыс оңлаў жумыслары режелестирилген болып, яғный 7,5 миллиард сумлық «Мәденият сарайы», 4,5 миллиард сумлық «Жаслар орайы», 1,5 миллиард сумлық «Нураныйлар мәсканы», 3 орында мектепке шекемги билимлендириў мәкемесин жаңадан қурыў, 5,6 миллиард сумлық 15 километрлик ишки жолларды оңлаў, 3,5 миллиард сумлық ишки көшелерге пиядалар жолын қурыў ҳәм жақтыландырыў жумысларын алып барыў белгиленген.

Инвестициялық ҳәм басқа да раўажландырыў бағдарламалары тийкарында бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Яғный, 2020-2023-жылларда 1 миллиард сумлық «Есимөзек» каналының жәми  2,5 километрлик аралығын реконструкциялаў, 1,7 миллиард сумлық «Аллаяр Досназаров» АПЖ аймағындағы 14-санлы улыўма билим бериў мектебин реконструкциялаў, 7,1  миллиард сумлық район орайынан пиядалар ҳәм велосипед жолын қурыў, «Қишлоқ қурилиш инвест» кәрханасы тәрепинен 5,4 миллиард сумлық 1  дана  5 қабатлы 30  квартиралы турақ жай қурыў ҳәм усы бағдарлама тийкарында, 2022-2023-жылларда  қурылыўы режелестирилген 4,9 миллиард сумлық «Есим» МПЖ аймағындағы «Қараөзек» суў бөлистириў станциясын реконстукциялаў ҳәм 3,8 миллиард сумлық «А.Досназаров» АПЖ («Сейтек жап», «Қазаяклы аўыл», «Султамурат аўыл») елатлы пунктиндеги суўды тазалаўшы станцияны реконструкциялаў ҳәм 11,6 километр узынлықтағы ишимлик суўы тармақларын жаңадан тартыў жумыслары, усы жыл басынан басланыўы режелестирилген.

Ўатанымыздың уллы келешегин қурыў ушын үлес қосыў бахты ҳәммемизге несип етсин.

 

У.Утамбетов,

Қараөзек районы ҳәкими,

«Содиқ хизматлари учун» медалының ийеси.

Қарақалпақстан хабар агентлиги