Елимиздиң ғәрезсизлигин беккемлеў, халқымыздың мәнаўиятын раўажландырыў, экономикалық қүдиретин арттырыў, тынышлығын сақлаў, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўдеги айрықша хызметлери, жәмийетлик жумысларға белсене қатнасқаны ушын бир топар жерлеслеримиз елимиз ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы байрамы алдынан Президентимиздиң пәрманлары менен ҳүрметли атақлар, орден ҳәм медальлар, сондай-ақ, «Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы» естелик белгиси менен сыйлықланған еди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде усы ҳүрметли атақлар, орден ҳәм медальлар, сондай-ақ, «Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы» естелик белгисин тапсырыў мәресими болды.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов жыйналғанларды елимиздиң турмысындағы ең уллы, ең әзиз байрам, елимиз ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, ғәрезсизлик жылларында Президентимиздиң басшылығында барлық тараўларда кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Буны Қарақалпақстан Республикасы мысалында көриўимизге болады. Мине усы реформаларды әмелге асырыўда белсендилик көрсеткен, ғәрезсизлигимизди буннан былай да беккемлениўине үлкен үлесин қосып киятырған ўатанласларымыздың мийнети жоқары баҳаланып келинбекте.
Илажда усы мәмлекетлик сыйлықлар- ҳүрметли атақлар, орден ҳәм медальлар, естелик белгиси өз ийелерине салтанатлы жағдайда тапсырылды.
-Ҳақыйқатында да, бүгинги күни елимизде барлық тараўларда, соның ишинде билимлендириў тараўында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта,-дейди Қарақалпақстан Республикасы юридикалық техникумы директорының биринши орынбасары, «Дўстлик» ордениниң ийеси А.Жәнибекова.-Соның ишинде, ҳуқық қорғаў уйымларына жетик қәнигелер таярлаўға айрықша әҳмийет берилмекте. Мениң мийнетимди жоқары баҳалағаны ушын Президентимизге миннетдаршылық билдиремен.
Сыйлықланғанлар айрықша итибары ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги