Нөкис қаласындағы «Истиқлол» балалар дем алыў орайында Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы мүнәсибети менен өткерилген «Ең уллы, ең әзиз» таңлаўы Қарақалпақстан Республикасы басқышының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болды.

Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар басқармасы, Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлими,  Мәденият министрлиги, Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими, «Қарақалпақфильм» киностудиясы мәмлекетлик кәрханасы менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда атап өтилгениндей, елимизде ғәрезсизлик жылларында әмелге асырылған кең көлемли жумысларды жәмийетшиликке жеткериўде мийнет етип атырған дөретиўшилерди қоллап-қуўатлаў ҳәм оларды хошаметлеўде бул таңлаўдың әҳмийети айрықша болмақта.

Таңлаўда жазыўшы-шайырлар, баспа ҳәм электрон ғалаба хабар қураллары, халық әмелий көркем өнериниң ўәкиллери, художниклер, фотосүўретшилер менен дизайнерлердиң «Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық!» деген бас идеяны өзинде жәмлеген дөретиўшилик жумыслары көрип шығылды.

Бул таңлаўға қызығыўшылық артып бармақта. Буны қатнасыўшылардың санынан да көриўимизге болады. Олар бай тарийхымыз, миллий үрп-әдетлеримиз бенен қәдириятларымызды өзлериниң көркем ҳәм фото шығармалары, дизайнерлик жумыслары менен сүўретлеў көркем өнери шығармалары арқалы сәўлелендирген. Шөлкемлестириў комитети тәрепинен келип түскен мийнетлердиң ишинен ең ылайықлылары таңлап алынды.

Ҳәр бир номинация бойынша жеңимпазлар анықланып, естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги