Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Миирзиёев ең әзиз улыўма миллий байрамымыз – Ўатанымыз ғәрезсизлиги жәрияланғанының отыз жыллығын белгилеў алдында мәмлекетимиз тәрепинен алып барылып атырған гуманистлик сиясаттың әмелий тастыйығы сыпатында «Жаза мүддетин өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына беккем бел байлаған бир топар пуқараларды әпиў етиў ҳаққында»ғы Пәрманға қол қойды.

Пәрманға муўапық, Өзбекстан Республикасы Конституциясының 93-статьясы 23-бәнтине тийкарланып ислеген жынаяты ушын жаза мүддетин өтеп атырған және қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына беккем бел байлаған 215 пуқара әпиў етилди.

Әпиў етилген пуқаралардың 3 еўи тийкарғы жазадан азат етилип, 127си жазаны өтеў мүддетинен алдын шәртли азат етилди, 12 синиң еркинен айырыў жазасы жеңилирек жаза менен алмастырылды. Сондай-ақ, 73 пуқараға тайынланған еркинен айырыў жазасының мүддетлери қысқартылды.

Әпиў етилгенлердиң 14 ин ҳаял-қызлар,12 син 60 жастан асқан ер адамлар, 69 ын сырт ел пуқаралары, 15 ин қадаған етилген шөлкемлердиң қатнасыўшылары қурайды.

Пәрманның орынланыўы бойынша әпиў етилген пуқараларды шаңарағы ҳәм жақынларының қушағына қайтарыў, жәмийетлик турмысқа бейимлесип, пайдалы мийнет пенен шуғылланыўы, саламат турмыс тәризин жолға қойып, жәмийетте мүнәсип орын табыўы ушын оларға жәрдем бериў бойынша жуўапкер министрликлер ҳәм уйымларға тийисли тапсырмалар берилди.

 

ӨзА