Усы жыл 27-август күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде республикамызда балалардың жазғы дем алысын ҳәм саўалландырылыўын шөлкемлестириўшилердиң әнжуманы болып өтти.
Онда балаларды дем алдырыў ҳәм саўалландырыў бойынша республикалық муўапықластырыўшы топар ағзалары, министрликлер менен шөлкемлердиң ўәкиллери, балалар дем алыс орайларының басшылары менен хызметкерлери қатнасты.
Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси тәрепинен өткерилген илажда атап өтилгениндей, быйылғы жылдың жаз мәўсиминде 80 дем алыс орнында 23566 бала кеўилли дем алды. Ҳәр жылы балалардың дем алысын өткериў ҳәм оны шөлкемлестириўде белсендилик көрсеткен хызметкерлер мүнәсип сыйлықланып келмекте. Илажда быйылғы жылғы номинация жеңимпазлары хошаметленди.
Атап айтқанда, Нөкис қаласындағы «Туран» балалар дем алыс орайының баслығы Қыдырбай Нуратдинов «Ең жақсы балалар дем алыс орайының баслығы», Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясына қараслы Мойнақ районындағы «Ақ кеме» балалар дем алыс орайы «Ең жақсы дем алыс орайы-2021», Беруний районындағы «Рахат» балалар дем алыс орайының баслығы Шукурулла Мамутов «Ең жақсы жуўаплы шөлкемлестириўши», Елликқала районындағы «Арал балалары» дем алыс орайының тәрбияшысы Феруза Рейимбаева «Ең ғамхор тәрбияшы», Тақыятас районындағы «Айдын жол» балалар дем алыс орайының спорт шынықтырыўшысы Мухаммеддин Қурбанбаев «Ең жақсы спорт шынықтырыўшысы», Төрткүл районындағы «Лашын» балалар дем алыс орайының дөгерек басшысы Азиза Зарипова «Ең шебер дөгерек басшысы» номинацияларының жеңимпазлары деп табылды. Сондай-ақ, «Ең жақсы денсаўлықты сақлаў хызметкери», «Ең жақсы аспаз», «Ең белсенди жетекши», «Ең белсенди ишки ислер уйымларының хызметкери», «Ең жанкүйер ҳәким» номинацияларының жеңимпазлары анықланды.
Номинация жеңимпазларына шөлкемлестириўшилер тәрепинен баҳалы саўғалар тапсырылды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери