Бүгинги күнде елимизде жәмийетшилик, пуқаралар ҳәм исбилерменлер менен жақын қарым-қатнас орнатыў, халықтың ишине кирип, олардың машқалаларын үйрениў, халықты ҳәм исбилерменлерди қыйнап атырған ҳәр қандай тосқынлықларды өз ўақтында сапластырыў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта.
Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасына усы жыл 7 ай даўамында жәми 82 мүрәжат келип түскен болып, соннан физикалық тәреплерден 65, юридикалық тәреплерден 17 мүрәжат есапқа алынған.
– Барлық мәмлекетлик мәкемелер менен шөлкемлер қатарында бажыхана уйымларында да халықтың мүрәжатларын тыңлаў, онда көтерилген мәселелерди терең үйренип, унамлы шешиў дәрежеси жоқары басқышқа алып шығылмақта,-дейди басқарманың мүрәжатлар менен ислесиў топары бас инспекторы Руслан Қурбанов.
Мүрәжатлардың 21 проценти бажыхана төлемлеринен азат етиў ҳәм жеңилликлер бериў, 15 проценти бажыхана қадағалаўы ҳәм рәсмийлестириўи, 7 проценти бажыхана уйымлары хызметкерлериниң нызамсыз ҳәрекетлери, 6 проценти жумыстан (оқыўдан) нызамсыз түрде босатылғаны, 5 проценти алып қойылған товар-материаллық байлықларды ямаса жәриймаларды қайтарыў мәселелери бойынша келип түскен болса, 46 процент мүрәжатта басқа мәселелер өз көринисин тапқан.
Усы мүрәжатлардың 6 проценти тийислилиги бойынша жуўапкер мәкемелерге жиберилген, 29 проценти қанаатландырылған, 65 проценти бойынша мүрәжат ийелерине түсиниклер берилген.
Пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң мүрәжатларын қабыллап, оларда көтерилген мәселелерди нызамшылық шеңберинде унамлы шешиў, халқымыздың абадан турмыс кеширип, бүгинги күнинен разы болып жасаўы ушын ҳәрекет етиў – барлық мәкемелер алдындағы тийкарғы ўазыйпа болып саналады. Солай екен, бажыхана уйымларына қылынған ҳәр бир мүрәжат – турақлы итибарда.
Қарақалпақстан хабар агентлиги