Қалалық медициналық бирлеспеси, 9 шаңарақлық поликлиника, көп тармақлы орайлық поликлиника, қалалық емлеўхана ҳәм Қаратаў филиалынан ибарат болып, қала халқы ушын басланғыш медициналық-санитариялық хызмет көрсетеди.
Емлеўхана 250 орыннан ибарат болып, соннан 10 орын Қаратаў филиалында, 200 орын бюджет орынлары. Сондай-ақ, 40 төлемли хызмет көрсетиўши 2 реабилитация бөлимлеринен ибарат.
Буларға қосымша, жәрдемши бөлимлерден ишки дәрихана, лаборатория, рентген, стерилизация, асхана, кир жуўыў ханасы, физиотерапия бөлимлери хызмет көрсетеди.
– Бирлеспе ишки дәриханасының тийкарғы ўазыйпасы емлеўхана бөлимлерин ишки дәриханада таярланған дәрилик препаратлар менен тәмийинлеў, олардың сапасын және қәўипсизлигин қадағалаўдан ибарат,-дейди Нөкис қалалық медицина бирлеспесиниң ишки дәрихана баслығы М.Атамуратова. – Сондай-ақ, бирлеспе ушын тастыйықланған қәрежетлер сметасында ажыратылған пуллардың есабынан қалалық шаңарақлық поликлиникалар ҳәм емлеўхана ушын зәрүр дәри-дәрмақлар, медициналық буйымлар, лабораториялық реактивлер, үскенелердиң сарплаў материаллары ҳәм дезинфекциялық еритпелер менен тәмийинлеў болып табылады.
Ишки дәриханада ҳәзирги күнде 6 атамадағы дәрилик порошоктан 13 түрдеги дәрилик препаратлар таярланбақта.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 25-майдағы «Ден-саўлықты сақлаў тараўын комплексли раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып июль айында дәри-дәрмақларға қосымша 213 миллион сумлық қаржы ажыратылып, бул қаржылар Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен тастыйықланған 66 атамадағы дәри-дәрмақлар, медициналық буйымлар, дезинфекция қураллары ҳәм стоматологиялық буйымлар ушын жумсалды.
Медиатур шеңберинде журналист ҳәм блогерлер Нөкис қаласындағы Шейх Халифа атындағы «Ана ҳәм бала» емлеўханасының жойбары ҳәм қурылыс жумыслары менен танысты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги