Усы жылдың 20-август күни Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң елимиз исбилерменлери менен өткерген ушырасыўы- үлкен тарийхый ўақыя болыўы менен бир қатарда, тараў пидайыларының белсендилиги, ерискен жетискенликлери, сондай ақ, олар тәрепинен дус келип атырған машқалаларға нәтийжели шешим табыў ҳǝм алдағы ўақытлардағы үлкен раўажланыўларға тийкар болыўы менен үлкен ǝҳмийетке ийе.

Президентимиз ушырасыў барысында исбилерменлерге қарата: «Кейинги жылларда сизлер экономикамыз ҳәм реформаларымыздың сүйенишине ҳәм локомотивине айландыңыз. Сизлер сыяқлы истиң көзин билетуғын, исбилерменлер тымсалында биз шын мәнисиндеги Жаңа Өзбекстан қурыўшыларын көремиз»- деп атап өтиўи, олар ушын үлкен мақтаныш болып, және де пидәкерлик пенен ислеўге, жумысларын раўажландырыўға түртки болды.

Ушырасыў даўамында Президентимиз тәрепинен бәршени исбилерменлерге қол қанат  болыўға, жумысында жүз берип атырған тосықларды сапластырыўға шақырып, жуўапкер уйымларға ҳәр ҳәпте де исбилерменлер менен жүзбе-жүз ушырасып, олардың машқалалары менен мәселелерин шешиў тийкарғы ўазыйпа етип белгилеп берилди. Бул өз гезегинде өз жумысларын раўажландырыў арқалы жумыс орынларын көбейтиў ҳǝм мǝмлекеттиң раўажланыўына өз үлеслерин қосыўды тийкарғы мақсет еткен қаншадан-қанша исбилерменлер ушын үлкен имканиятлар есигин ашатуғыны сөзсиз.

Соңғы пайытларда айырым исбилерменлердиң жумысына ҳǝр түрли факторлар менен тосқынлық етип атырған жағдайларға гүўа болып атырғанлығымыз, айырым жағдайларда исбилермен өз жумысын баслаў мақсетинде есикпе-есик сергиздан болып, тийкарғы жумыслары артта қалып ямаса бул жағдайлардан соң ҳǝттеки ис-ҳәрекетин тоқтатыўға шекем алып келип атырған жағдайлар жүзеге келип атырғанлығы сыр емес.

Ушырасыў даўамында Президентимиз салық мәкемелери тәрепинен қолланып атырған жәриймалар саны ҳәм муғдарының артқанлығын, соны есапқа алған ҳалда,  келеси жыл 1-январьдан баслап салық мәкемелери өз электрон бағдарламалары арқалы бизнес субъектлерине есабатларын қәлиплестириў хызметин жолға қойыўы, сондай ақ, есабатларды кешиктирип тапсырыў менен байланыслы финанслық санкцияларды қолланыў тәртиби толық бийкар етилетуғынлығын атап өтти.

Бул өз гезегинде бирге ислесиў көлеминиң және де кеңейиўине ҳǝм исбилерменлигин енди басламақшы болған пуқаралар ҳǝр түрли бюрократиялық тосқынлықларға дус келместен, тез ҳǝм аңсат жумыс баслаўына имканият жаратады.

Туризм ҳǝм улыўма аўқатланыў тараўларына берилген жеңилликлерди созыў бойынша 300 ден аслам мүрәжатлар келип түскенлигин, сол себепли  13 мың улыўма аўқатланыў кәрханасының жылдың ақырына шекем жер ҳәм мүлк салығынан азат етилиўи – пандемия дәўиринде аўыр сынақлы жағдайды басынан өткерип атырған исбилерменлер ушын Президентимиздиң шын мǝнисиндеги ҳақыйқый ғамқорлығы болды.

Улыўмаластырып айтқанда, ушырасыўда Президентимиз тǝрепинен алға қойылған ҳǝр бир бағдардағы усыныс ҳǝм басламалар бүгинги күнде бǝрше исбилерменлердиң тилек-өтинишлерин өзине жǝмлеген болып, халқымыздың, турмыс абаданлығын арттырыўда тийкарғы фактор болады.

 

Руслан Джумамуратов

Өзбекстан Республикаси

Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты,

“Миллий тикланиш” демократиялық партиясы фракциясы ағзасы

Қарақалпақстан хабар агентлиги