Өзбекстан мусылманлары басқармасы жанындағы «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қоры Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы тәрепинен республикамыздың шетки аймақларында жасаўшы халықты ишимлик суўы менен тәмийинлеў мақсетинде улыўма баҳасы 245 миллион сумлық 71 артезиан баспа кран қурып берилип, пайдаланыўға тапсырылды.

Нәтийжеде усы аймақларда жасаўшы 60 мыңнан зыят халық ишимлик суўы менен  тәмийинленди.

-Мүбәрек Рамазан айында республикамыздағы 10 районнан ишимлик суўы менен тәмийинлеўде машқаласы болған 21 аўыл пуқаралар жыйынына биреўден баспа кран қурып берилип, пайдаланыўға тапсырылған еди,- -дейди «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қоры Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы баслығы ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы Исламбек Тажетдинов.-Бундай қайырқомлық ислери даўам еттирилип, Тахтакөпир районындағы «Дәўқара» аўыл пуқаралар жыйынында 5, «Мүлк» аўыл пуқаралар жыйынында 2, «Даўытсай» аўыл пуқаралар жыйынында 2, Қараөзек районындағы «Алғабас» аўыл пуқаралар жыйынында 1, Бердақ аўыл пуқаралар жыйынында 4, Шымбай районындағы «Пашентаў» аўыл пуқаралар жыйынында 2, «Майжап» аўыл пуқаралар жыйынында 2, «Қостерек» аўыл пуқаралар жыйынында 8, Бозатаў районындағы «Көксуў» аўыл пуқаралар жыйынында 15, «Еркиндәрья» аўыл пуқаралар жыйынында 3, Кегейли районындағы «Ақтуба» аўыл пуқаралар жыйынында 5, «Жылўанжап» аўыл пуқаралар жыйынында 1 усындай баспа кран қазып берилип, пайдаланыўға тапсырылды. Бул аймақ турғынларына елимиз ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы байрамына саўғамыз болып табылады.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы