Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Ветеранлар кеңесиниң ағзалары усы министрликтиң медицина бөлимине қараслы госпитальда емленип атырған ветеранлардың ҳал-жағдайынан хабар алып, оларды елимиз ғәрезсизлигиниң 30 жыллығы байрамы менен қутлықлады.
Онда Ветеранлар Кеңесиниң ағзасы, отставкадағы подполковник О.Турдымуратов бүгинги күни ишки ислер уйымларының ветеранларын социаллық жақтан қорғаў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 27-сентябрьдеги «Кексе әўлад ўәкиллериниң жәмийеттеги орнын ҳәм социаллық белсендилигин буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары және Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министриниң «Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Ветеранлар Кеңесин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы буйрығының орынланыўын тәмийинлеў бойынша ишки ислер уйымларының ветеранларын материаллық-руўхый жақтан қоллап-қуўатлаў, олардың социаллық белсендилигин арттырыў бағдарында кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Усы тийкарда бүгинги күни ветеранлар ҳәм жас хызметкерлер арасында «Устаз-шәкирт» дәстүри жолға қойылып, ветеранлардың турмыслық ҳәм әмелий бай тәжирийбелеринен нәтийжели пайдаланыў, оларды ҳәр тәреплеме хошаметлеў илажлары көрилмекте. Бунда «Ветеранлар мектеби» жумысын жолға қойыў, «Жылдың ең белсенди ветераны» таңлаўын, «Кекселер ҳәптелиги», «Еки әўлад ушырасыўы» илажларын өткерип барыў, ҳәр айдың руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық биринши сабағын «Устазлар нәсияты» күни сыпатында шөлкемлестириў нәзерде тутылмақта.
Өз гезегинде өзлериниң денсаўлығын тиклеп атырған ветеранлардан отставкадағы майор Ҳайтбай Аминов, отставкадағы подполковник Махмуд Абдуллаев ҳәм басқалар, көрсетилип атырған итибары ушын миннетдаршылық билдирди.
Ветеранларға естелик саўғалары тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги