Усы жыл 24-август күни Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўши 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясының мәжилиси болып өтти.
Оны округлик сайлаў комиссиясының баслығы У.Жалменов басқарып барды.
Мәжилис күн тәртибинде Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўши сайлаў участкаларының дизимин тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, усы жылдың 24-октябри күни елимизде әҳмийетли сиясий ўақыя-Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы өткерилиўи мүнәсибети менен 23-июль күни сайлаў кампаниясының басланғаны жәрияланған еди. Қысқа ўаыттың ишинде бул процесс жедел түрде жолға қойылып, ҳәзирги ўақытта шөлкемлестириў жумыслары алып барылмақта. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының усы жыл 14-августтағы «Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўши округлик сайлаў комиссияларының жеке қурамын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары тийкарында 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясы өз жумысын баслады.
Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң 8-статьясында сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў сайлаў комиссиялары тәрепинен ашық-айдын әмелге асырылыўы белгиленген. Усы тийкарда 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясының биринши мәжилиси өткерилип, округ жанында Баспасөз орайы шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы және ағзалары тастыйықланды.
Сайлаў кодексиниң 10-статьясына муўапық, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериў бойынша сайлаў участкалары қала ҳәм районлар ҳәкимликлериниң усынысына муўапық округлик сайлаў комиссиялары тәрепинен дүзиледи.
Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериў ушын қала ҳәм район ҳәкимликлериниң усыныснамасына муўапық Қарақалпақстан Республикасы бойынша 656 сайлаў участкасы шөлкемлестирилди. Мәжилисте 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясы тәрепинен сайлаў участкаларының тәртип санлары, шегералары, мәнзиллери көрсетилген дизим тастыйықланды.
Сондай-ақ, комиссияның усы мәжилисинде сайлаў участкаларын үлги тийкарында таярлаў, сайлаўды өткериў бойынша үгит-нәсият жумысларын алып барыў, сайлаў участкалары комиссиялары ағзаларының қурамы бойынша усыныслар бериў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.
Илаж шеңберинде ғалаба хабар қураллары ушын брифинг болып өтти. Онда 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясының баслығы У.Жалменов сиясий процесслерди ғалаба хабар қуралларында сәўлелендириў ҳәм журналистлерди аккредитациядан өткериў мәселелери ҳаққында мағлыўмат берди.
Брифинг қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги