Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң даңқлы 30 жыллық байрамы алдынан «Өзбекстан» баспасы тәрепинен «Жаңа Өзбекстан» китап-альбомы баспадан шығарылды. Бул үлкен топламда ғәрезсизлик жылларында, әсиресе, кейинги бес жылда жаңа мәмлекет ҳәм жәмийет қурыў, халқымыз жүрегинен терең орын алған Жаңа Өзбекстан идеясын әмелге асырыў жолында алып барылып атырған үлкен жумыслар ҳаққында ҳәр тәреплеме сөз етеди.
Китап-альбом мәмлекетимиз Президенти Шавкат Мирзиёевтиң «Халқымыздың бийбаҳа мәртлиги менен қолға киргизилген, бизлердиң миллий мәмлекетшилигимизди, инсаныйлық қәдиримиз, абырой-мәртебемизди, динимизди тиклеп берген Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик ғәрезсизлиги арадан қанша жыллар, әсирлер өтсе де, жанажан Ўатанымыздың даңқлы тарийхында ҳәмийше ең жарқын бет болып қалады» деген жақсы сөзлери менен басланады.
Ҳақыйқатында да, мәрт ҳәм уллы халқымыз өзиниң үлкен потенциалы, беккем ерк-ықрары ҳәм мәртлиги менен ғәрезсизлик жылларында басып өткен оғада қыйын ҳәм ҳәзирги ўақытта даңқлы раўажланыў жолы, қолға киргизген үлкен жетискенлик ҳәм шеклери китап-альбомның тийкарғы мазмун-мәнисин қурайды. Оны оқып шығар екенбиз, жақын тарийхымызда, мәмлекетимизди раўажландырыўдың бүгинги жаңа басқышында жедел пәт пенен өткен ўақыялар, елимиз мәртлик пенен жеңип өтип атырған түрли сынақ ҳәм қыйыншылықлар, ерисилген жетискенликлер менен нәтийжелер ериксиз түрде бирме-бир көз алдымыздан өтеди.
Әйне ғәрезсизлик себепли елимиз тарийхый жақтан қысқа дәўирде бурынғы экономикасы бир тәреплеме қәлиплескен, төмен аймақтан барлық тараўларда жедел раўажланып, пуқаралардың турмыс дәрежеси, сиясий-жәмийетлик белсендилиги, сана-сезими барған сайын раўажланып атырған, дүнья жәмийетшилигиниң тең ҳуқықлы ағзасы сыпатында алыс-жақындағы барлық мәмлекетлер менен дослық ҳәм бирге ислесиў қатнасықларын кең көлемде алып барып атырған заманагөй, ашық ҳәм демократиялық мәмлекетке айланғаны анық тарийхый мысаллар, архив ҳүжжетлер ҳәм аналитикалық материаллар арқалы көрсетип берилген.
Китап-альбомда «Миллий раўажланыўымыздың жаңа дәўири» деген өз алдына бөлимде Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы тийкарында мәмлекетимиздиң сиясий-ҳуқықый, социаллық-экономикалық, руўхый-ағартыўшылық турмысын түп-тийкарынан жаңалаў, «Миллий тиклениўден – миллий раўажланыўға қарай» деген идеяны реал ўақыяға айландырыў, жаңа ояныў дәўири – Үшинши Ренессанс тийкарын жаратыўға қаратылған кең көлемли реформалар процеси, олардың дәслепки нәтийжелери, қала ҳәм аўылларымыздың бүгинги гөззал келбети, дәўиримиз қаҳарманлары, усы жерде жасап киятырған ўатанласларымыздың турмысындағы үлкен унамлы өзгерислер, жаңаша қәдириятлар түрли ракурс ҳәм реңлерде толық сәўлелендирилген.
Жаңа Өзбекстанды қурыў мақсетинде турмысымыздың барлық салаларын еркинлестириў, экономика ҳәм оның тармақларын, жеке меншик исбилерменликти жедел раўажландырыў, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, кәмбағаллықты қысқартыў, жаңа жумыс орынлары ҳәм дәрамат дәреклерин жаратыў, инсан ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратып атырғаны, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыў, суд-ҳуқық, билимлендириў, медицина, мәденият, ағартыўшылық, әдебият, көркем өнер, спорт, сыртқы сиясат тараўларындағы түпкиликли өзгерислер, жәмийетимизде тынышлық ҳәм турақлылық, пуқаралар ҳәм миллетлераралық аўызбиршилик орталығының беккемленип атырғаны, олардың мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети жарқын бөлимлер, жанлы сүўретлер, эксперт ҳәм таллаўшылардың әдил шешимлери тийкарында қызықлы тәризде сәўлелендирип берилген.
Тамшыда қуяш сәўлеленгени сыяқлы, бул китап-альбомнан орын алған ҳәр бир дәлил ҳәм мағлыўмат, сүўрет ҳәм бөлим дөретиўши халқымыздың күш-жигер ҳәм потенциалы менен ерисилген, ҳәммемиз ушын оғада қәдирли болған жоқары шеклери ҳаққында, дүнья жүзинде бирден-бир әзиз ҳәм бийтәкирар ана Ўатанымыз – Жаңа Өзбекстанымыз ҳаққында сөз етеди.
Әлбетте, ҳәр бир бетинде Ўатанымыздың нурлы бир көриниси сәўлеленген бул басылым оқыўшыларда жақсы тәсирлер оятып, оларға бүгинги раўажланыўымыз ҳаққында және де кең мағлыўматлар береди, кеўиллеримизде миллий мақтаныш сезимлерин арттырыўға хызмет етеди.
ӨзА