Ўзбекистон ёшларининг янги ташкилоти

            Ташкенттеги Симпозиумлар сарайында 30-июнь күни Өзбекистан «Камолот» жаслар жәмийетлик ҳәрекетиниң IV қуралтайы болып өтти.

Әнжуман бағдарламасы рең бәрең илажларға бай болды. Қуралтай делегатлары Өзбек Миллий академиялық драма театрында «Тәғдир сынақлары» спектаклин тамаша етти. «Шейитлер естелиги» қыябаны ҳәм «Репрессия қурбанлары естелиги» музейи, Темурийлер тарийхы мәмлекетлик музейи, Ҳәзирети Имам комплексин барып көрди. Өзбекистан мәмлекетлик жәҳән тиллери университети, Ташкент мәлимлеме технологиялары кәсип-өнер колледжи, Яккасарой районындағы 144 – санлы улыўма билим бериў мектебинде жаратылған шараятлар менен танысты. Жаслар дөретиўшилик сарайында Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатлары, Өзбекистан Республикасы Илимлер академиясында академиклер ҳәм жас илимпазлары менен ушырасты.

Қуралтай делегатлары Мустақиллик майданында еркинлигимиз, айдын келешегимиз ҳәм жақсы нийетлеримиздиң нышаны болған Ғәрессизлик ҳәм жақсылық монументине гүллер қойды.

Симпозиумлар сарайында «Камолот»тың Қарақалпақстан Республикалық, ўәлаятлық ҳәм             Ташкент қалалық кеңеслеринен сайланған делегатлар жәмлести. Қуралтай күн тәртибине қойылған мәселелердиң әҳмийетлигинен келип шығып, онда қатнасыў ушын Олий Мажлис Сенатының ағзалары ҳәм Нызамшылық палатасының депутатлары, ҳүкимет ағзалары, министрликлер менен ведомостволардың, жәмийетлик шөлкемлердиң  ўәкиллери, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери мирәт етилди. Сондай-ақ, видеоконференция арқалы Қарақалпақстан Республикасы басшылығы, жергиликли ҳәкимликлердиң басшылары, аймақлардағы жаслар қатнасты.

«Камолот» жаслар жәмийетлик ҳәрекетиниң қурылтайы ашық, деп жарияланды. Өзбекистан Республикасы мәмлекетлик гимны жаңрады. Қурылтайда Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев шығып сөйледи. Делегатлар «Камолот» жаслар жәмийетлик ҳәрекети негизинде Өзбекистан жаслар аўқамын шөлкемлестириў мирәтин мақуллады.

«Камолот» жаслар жәмийетлик ҳәрекети Ташкент қалалық кеңеси баслығының орынбасары Б.Мамадалиев, «Камолот» жаслар жәмийетлик ҳәрекети Қарақалпақстан Республикалық кеңесиниң баслығы А.Данияров, Ташкент қаласындағы Турин политехника университети магистранты О.Тўйчиев, «RESULT» оқыў орайының баслығы А.Саъдуллаев, Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университетиниң студенти М.Раимқулова, Сырдәрья ўәлаятындағы «Сарвиноз Собиржоновна Файзи» фермер хожалығының баслығы С.Шокирова ҳәм басқалар Президентимиз Шавкат Мирзиёевқа жасларға қаратылып атырған айрықша итибар ушын миннетдаршылық билдирди. Өзбекистан жаслар аўқамы нәўқыран әўлад арасына терең кирип баратуғын әҳмийетли институтқа айланатуғынын атап өтти.

Өзбекистан жаслар аўқамы орайлық кеңесиниң баслығы болып Қаҳрамон Қуронбоев сайланды.

 

ӨзА