Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Сиясий Кеңесиниң гезектеги мәжилиси болып өтти, деп жазбақта O’zLiDePтиң баспасөз хызмети.
Быйылғы сайлаўлар жаңаланған миллий сайлаў нызамшылығы, улыўма тән алынған халықаралық стандартларға сәйкес, демократиялық принциплер тийкарында, ашық-айдын өткерилиўи күтилип атырғаны атап өтилди.
Бул сайлаўларда партия әлбетте қатнасыўы керек екенлиги, елимизде әмелге асырылып атырған ири реформалардың даўам еттирилиўин тәмийинлеў ушын барлық имканиятлар, күш-қүдирет ҳәм сиясий ерк-ықрардың жетерли екенлиги пленум қатнасыўшылары тәрепинен қоллап-қуўатланды.
Бизге белгили, сайлаў нызамшылығына муўапық, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында қатнасыў ушын сиясий партия сайлаўға кеминде жетпис күн қалғанда Орайлық сайлаў комиссиясына сайлаўда қатнасыў ҳаққында партияның басшысы тәрепинен қол қойылған арза, Әдиллик министрлигиниң сиясий партияның дизимге алынғаны ҳаққындағы мағлыўмат ҳәм партияның Президентликке болажақ талабаны ҳаққындағы мағлыўматларды усыныўы керек.
ОСК тәрепинен партия тәрепинен усынылған ҳүжжетлер 5 күнлик мүддетте көрип шығылып, арза қанаатландырылған жағдайда сиясий партияның ўәкилликли ўәкилине дизимге алған гүўалық ҳәм белгиленген үлгидеги имза қағазларының бланклары бериледи. Усы талаплар орынланыўы әмелге асырылғаннан кейин, партияның гезектеги Қурылтайында талабан көрсетиў мәселеси көрип шығылады.
Илажда шығып сөйлегенлер өткен 5 жылда елимизде Жаңа Өзбекстанды қурыў жолында әмелге асырылып атырған процесслердиң артқа қайтпаслығы, елдиң тәғдири, ертеңги күнимиз усы өзгерислердиң табыслы болыўы менен тиккелей байланыслы екенлиги атап өтилди. Бул болса өз гезегинде мәмлекеттиң келешеги, жедел пәтлер менен раўажланып атырған заман талабы O’zLiDePке болажақ Президентлик сайлаўларында исенимли қәдемлер менен барыўды тәмийинлей алатуғын, жәмийетти реформалаў сыяқлы машақатлы ўазыйпаны жаңаша өзине тән басқышта даўам еттириўге уқыплы шахсты талабан етип көрсетиў керек екенлигин билдиреди.
O’zLiDeP Сиясий Кеңестиң ағзалары халқымызды жаңа шеклерге жетелеўге уқыплы болған, өзиниң пүткил өмири ҳәм мийнетин Өзбекстанымыздың буннан былай да раўажланыўына бағышланған, ўатанласларымыз арасында оғада үлкен ҳүрмет, абырой-мәртебеге ерискен инсан – Шавкат Миромонович Мирзиёевти Өзбекстан Республикасы Президентлигине болажақ талабан сыпатында көрсетиўди бир аўыздан қоллап-қуўатлады.
ӨзА