Өзбекстан Республикасы Президентиниң басламасы менен БМШ Бас ассамблеясының усы жыл 18-майдағы 75-сессиясында «Аралбойы регионын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы» деп жәриялаў ҳаққында»ғы арнаўлы резолюциясы ҳәм онда белгиленген әҳмийетли ўазыйпалардың әмелий орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде елимиз басшысының усы жыл 20-июльдеги «Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас ассамблеясының 2021-жыл 18-майдағы «Аралбойы регионын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы деп жәриялаў ҳаққында»ғы арнаўлы резолюциясын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының қабыл етилиўи Арал теңизиниң қурыўы менен пайда болған қоршаған орталық ҳәм халықтың саламатлығына унамсыз ақыбетлерине қарсы гүресиў, жүзеге келген машқалаларды сапластырыў, регионда жасаўшы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў арқалы олардың жасаў шараятларын жақсылаўда айрықша әҳмийетке ийе болды.
Бул резолюцияның әҳмийети, оның орынланыўын тәмийинлеў бойынша ўазыйпалар ҳәм алдағы режелер туўралы хабаршымыз Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновация орайының директоры Нурлыбек Мырзамуратов менен сәўбетлести.
-Ҳақыйқатында да, бул резолюция бизге Арал апатшылығына қарсы гүресиў ушын тек Арал теңизи бассейниндеги мәмлекетлердиң ғана емес, дүнья жүзиниң барлық еллериниң дыққатын ҳәм күшлерин бирлестириў имканиятын береди,-дейди Н. Мырзамуратов.- Қарардың мазмун-мәниси соннан ибарат, Арал апатшылығының унамсыз ақыбетлерин азайтыў ҳәм сапластырыў ушын бизлер көзқарасымызды түп-тийкарынан өзгертиўимиз, ески усыллардын бас тартып, жаңа инновациялық қатнасларды, экологиялық дағдарысты азайтыўдың жаңаша механизмлерин енгизиўимиз тийис. Инновацияларды енгизиў бизлерге Аралбойына инвестицияларды тартыў, сол арқалы экологиялық дағдарыс ақыбетлерин басқышпа-басқыш сапластырыў, аймақтағы экологиялық жағдайды турақластырыў, шөлге айланыў ҳәм экологиялық миграцияның алдын алыў, социаллық-экономикалық раўажланыў ҳәм климат өзгериўине бейимлесиў, экотуризмди раўажландырыў ҳәм басқа да илажларды әмелге асырыў имканиятларын береди. Елимиз басшысының қарарында болса, регионымызда көплеген унамлы жумысларды әмелге асырыў, инновациялық қатнасларды ҳәм қоланбаларды енгизиў нәзерде тутылған.
-Атап өтилген қарардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша алда турған ўазыйпаларға тоқтап өтсеңиз?
-Усы қарар менен Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновация орайына бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар жүкленди. Атап айтқанда, орай жанында өсимликлер туқымлары генбанки менен тәмийинленген лаборатория, бизнес-акселератор оқыў орайының ашылыўын тәмийинлеў, Мойнақ районында әмелге асырылып атырған «My garden in the Aral sea» жойбарын кеңейтиў, Инновациялық раўажланыў, Сыртқы ислер, Инвестициялар ҳәм саўда министрликлери ҳәм Аралбойы халықаралық инновация орайы менен биргеликте усы жылдың ноябрь айында Аралбойы регионын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағына айландырыў мәселелерине бағышланған халықаралық конференцияны шөлкемлестириў ҳәм өткериў белгиленген. Сондай-ақ, аўыл хожалығында топырақтың астынан суўғарыў жаңа инновация системасын, «Аралбойын раўажландырыў бойынша ең алдыңғы инновация ҳәм технологияларды енгизгени ушын» арнаўлы номинациясын енгизиў, орайдың Нөкис районындағы «Саманбай» илимий-өндирислик участкасында қурғақшылық ҳәм шорланыўға шыдамлы өсимликлер бойынша тәжирийбе майданы ҳәм лаборатория жумысларын шөлкемлестириў сыяқлы ўазыйпалар белгилеп берилди.
-Арал теңизи регионында экологиялық дағдарыс ақыбетлерин жумсартыў бойынша орай тәрепинен әмелге асырылған жумыслар ҳәм алдағы жойбарлар туўралы мағлыўмат берсеңиз…
-Илимий изертлеўлер алып барыў ҳәм жойбарларды әмелге асырыў бойынша бир қатар халықаралық, жергиликли шөлкемлер ҳәм илимий-изертлеў институтлары менен дослық шериклик қатнасықлары орнатылған болып, 40 тан зыят усындай шөлкем менен өз-ара бирге ислесиў бойынша меморандумлар дүзилди.
Нөкис районы аймағынан кеңсе, лаборатория, заманагөй мийманхана қурылысы ҳәм илимий-изертлеў тәжирийбелерин алып барыў мақсетинде турақлы пайдаланыў ҳуқықы менен 24,34 гектар жер майданы ажыратылып берилди. Ҳәзирги ўақытта усы «Саманбай» участкасында аймағымыздың климатына бейимлескен 51 түрдеги 53 мың дана терек нәли тәрбияланып, сынаўдан өткерилмекте.
ICBA халықаралық орайының жойбары шеңберинде түрли мәмлекетлерден алып келинген киноа өсимлигиниң 5, амарант өсимлигиниң 1, буфел оты, көк тары, дәнли жүўериниң 10 үлгиcин сынаўдан өткериў бойынша изертлеўлер алып барылды. Жергиликли жабайы өсимликлердиң флорасы (жантақ, боян) ўәкиллерин мәденийлестириў бойынша изертлеўлер алып барылмақта. Арал теңизи регионына бейимлескен өсимликлердиң санаат плантацияларын жаратыўда пайдаланыў ушын Тоттори университети (Япония) ҳәм Тоғай хожалығы комитети менен биргеликте ағашлық тереклердиң тез өсетуғын, атап айтқанда, жийде, айлант, Канада талы ҳәм павлония сыяқлы түрлерин таңлап алыў бойынша изертлеўлер жолға қойылмақта. Сондай-ақ, жазлық бийдай, жүўери, мәкке, тритикале, аспир, майлы зығыр, африка тарысы, беде, соя, мәш ҳәм басқа өсимликлердиң ҳәр түрли үлгилеринде экологиялық сынаўлар өткерилмекте. Жайлаўларды раўажландырыў мақсетинде пайдаланыў ушын от-жемлик өсимликлерден эспарцет, донник, райграс, от-жемлик ләблеби, көп жыллық жүўери, дәрилик өсимликлерден боян, топинамбур ҳәм басқа да өсимликлер сынаў тәризинде тәрбияланбақта. Индукцияланған түрлерден, сахалин гречихасы, сильфиум, түркмен малинасы, арундо, алеппо жүўериси, техникалық егинлерден джут, кенаф, кротолярия, гүнжи, сафлор сыяқлы өсимликлерди фенологиялық бақлаў жумыслары жүргизилмекте.
ICBA халықаралық орайының (БАӘ) қаржылай көмегинде Арал теңизиниң қурғаған ултанынан 10 түрден зыят топырақ типин бир жерге топлаў ҳәм илимий изертлеўлер алып барыў мақсетинде лизиметриялық изертлеў майданшасы шөлкемлестирилди ҳәм топырақлар алып келинип, изертлеўлер басланды. Лизиметрлерде өткерилетуғын изертлеўлердиң нәтийжесинде топырақ аэрация қатламының суў ҳәм дузлардың қатнасы бойынша санлы муғдарлары анықланып қоймастан, басқа жүдә үлкен әмелий әҳмийетке ийе болған түрли баҳалы мағлыўматлар да топланады. Мойнақ районы аймағынан ажыратылған 20,3 гектар жердиң 14,7 гектарында шорға ҳәм қурғақшылыққа шыдамлы, кең жапырақлы, пута ҳәм майлы өсимликлерден ибарат жәми 13 түрдеги өсимликтиң туқымы, нәли ҳәм қәлемшеси егилип, жақсы нәтийжеге ерисилди. Бүгинги күни участкада илимий-изертлеў мақсетлери ушын 26 түрдеги 26 мыңға шамалас терек нәли тәрбияланбақта. Канада жергиликли басламалар фондының (CFLI) қаржылай жәрдеминде «Аралбойы халқының қоршаған орталық ҳәм климат өзгерислерине бейимлесиў мәселелери бойынша халықтың хабардарлығын ғалаба хабар қураллары жәрдеминде арттырыў» жойбары әмелге асырылды. Оны әмелге асырыў нәтийжесинде Арал теңизи бассейниндеги 1 миллионнан аслам халықтың климат өзгерисине бейимлесиў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша хабардарлығының сезилерли дәрежеде артыўына ерисилди.
«Аралдағы мениң бағым» (My garden in the Aral Sea) агротуризм жойбары ислеп шығылды. Жойбардың тийкарғы мақсети, сырт елли туристлер ҳәм жергиликли халықтың Арал теңизи машқаласына бийпәрўа болмаў, оның ақыбетлерин сапластырыўға, яғный Аралбойын көклемзарластырыў жумысларына өз үлесин қосыўға ҳәм усы жол менен халықтың турмыс дәрежесин жақсылаўға шақырыў болып табылады. Усы илажларды әмелге асырыў нәтийжесинде Өзбекстанда биринши мәрте халық тәрепинен көклемзарластырыў жойбары ҳәм краудфандинг (халық тәрепинен қаржыландырыў) платформасы жаратылды. Инновациялық раўажланыў ҳәм новаторлық идеяларды қоллап-қуўатлаў фонды тәрепинен жойбар 488 миллион сумға қаржыландырылды. Жойбар ушын «Мойнақ» тәжирийбе-өндирислик участкасында 1,8 гектар жер ажыратылып, бүгинги күнге шекем 15 түрдеги жәми 2972 терек нәли егилди. Буннан тысқары, жойбар шеңберинде Арал теңизиниң қурғаған ултанынан ажыратылған 42 гектар майданда 42 мың түп сексеўил, қандым ҳәм терескен нәли егилди. 2021-жылы Мойнақ районы ҳәкимлиги тәрепинен жойбарды кеңейтиў ушын 30,4 гектар жер майданы ажыратылды. Ҳәзирги ўақытта усы жерде декоратив бағ жаратыў бойынша жумыслар алып барылмақта.
Аралбойы халықаралық инновация орайының стратегиялық бағдарларын белгилеп алыў мақсетинде Ислам раўажланыў банки тәрепинен 275 мың АҚШ доллары мағдарында «Техникалық жәрдем көрсетиў» жойбары қаржыландырылып, жойбар орынлаўшысы «KPMG Audit» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен Аралбойы халықаралық инновация орайының жумысын раўажландырыў, оның 5 жыллық стратегиясын ислеп шығыў илажлары орынланбақта. Россия Федерациясының И.М.Губкин атындағы мәмлекетлик университети менен биргеликте жаңа биопрепарат-топырақ модификаторы «Саманбай» участкасында сынаўдан өткерилмекте.
Усы жылы Өзбекстандағы ЮНИСЕФ шөлкеми менен биргеликте (UPSHIFT)-социаллық инновациялар ҳәм социаллық исбилерменлик ушын көнликпелерди раўажландырыў бағдарламасын әмелге асырыў басланды. Бул бағдарламаны әмелге асырыў нәтийжесинде Мойнақ, Бозатаў, Қоңырат районлары жасларына стартап жойбарлар ислеп шығыў бойынша кәсиплик шеберлик ҳәм көнликпелерди ийелеўге жәрдем бериледи. Сондай-ақ бағдарлама шеңберинде жаслар тәрепинен ислеп шығылған ең жақсы киши көлемдеги стартап жойбарлар ЮНИСЕФ шөлкеми тәрепинен қаржыландырылады.
Киото университети менен дүзилген меморандумға муўапық бир қатар япониялы илимпазлар тәрепинен «Мойнақ» тәжирийбе участкасында киши метеостанция орнатылды. Ҳәзирги ўақытта оннан турақлы түрде мағлыўматлар алынып, таллаў жумыслары алып барылмақта. «Саманбай» участкасында терек ҳәм басқа егинлерди жайластырыў бойынша бир қатар ибратлы жумыслар әмелге асырылды. 8CBA халықаралық орайының Өзбекстандағы ўәкилханасының қаржылай жәрдеминде 19 түрдеги лаборатория өлшеў қураллары ҳәм әсбаплары сатып алынды. Сондай-ақ, жаўын қуртының жәрдеминде вермикомпост таярлаў тәжирийбеси өткерилмекте.
-Сырт елли шериклер менен биргеликте тәрепинен әмелге асырылыўы режелестирилип атырған жойбарларға тоқтап өтсеңиз?
-Бул бағдарда бир қатар әҳмийетли жойбарларды әмелге асырыў режелестирилген. Атап айтқанда Германияның халықаралық бирге ислесиў жәмийетине «GIZ» баҳасы 249 мың евро болған «Аралбойы халықаралық инновациялар орайы изертлеўшилериниң имканиятларын кеңейтиў» жойбары усынылып, GIZ тәрепинен биринши басқышта мақулланды. Ҳәзирги ўақытта германиялы шериклер тәрепинен жойбарды қаржыландырыў мәселеси көрип шығылмақта. Швейцарияның коммерциялық емес «LATMA-ADED» бирлеспесиниң қаржылай жәрдеминде Мойнақ районы «Тикөзек» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 250 оқыўшыға ийе 7-санлы улыўма билим бериў мектеби ушын суўды душшыландырыўшы станция қурып бериў жойбарын усы жылдың сентябрь айында әмелге асырыўды баслаў режелестирилди. Жойбар табыслы әмелге асырылғаннан соң республикамыздың басқа мектеплеринде де таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў жойбарын әмелге асырыў белгилеп алынды ҳәм бул бағдарда өз-ара бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.
«SATREPS-2020» таңлаўында мақулланған «Аралбойында топырақтың шорланыўына қарсы гүресиў ҳәм жердиң өнимдарлығын және азық-аўқат қәўипсизлигин арттырыў ушын суў ресурсларынан пайдаланыўды қадағалаўдың жаңа технологияларды ислеп шығыў» жойбарын япониялы шериклер менен биргеликте быйылғы жылы әмелге асырыў бойынша таярлық жумыслары басланды. Тунис мәмлекетиниң Chahbani Technologies(CHAHTECH SA) компаниясының илимпазлары менен биргеликте топырақтың астынан суўғарыў жаңа инновациялық ирригация системаларын енгизиў бойынша жойбар ислеп шығылды. Жойбар Өзбекстандағы БМШ Раўажланыў Бағдарламасына усынылып, мақулланды ҳәм оны әмелге асырыў басланды.
Қытай Илимлер академиясына қараслы Синьцзян Экология ҳәм география институты менен бирге ислесиў меморандумы шеңберинде 2021-жылы Арал теңизи регионында суў там-тарыслығына бейимлесиў, теңиздиң қурғаған ултанында шөл өсимликлеринен ибарат тоғайзарлық пайда етиў бойынша илимий-изертлеў жумысларын алып барыўға қәнигелестирилген лаборатория шөлкемлестириў режелестирилген. Ҳәзирги ўақытта қытайлы шериклер тәрепинен лабораторияның үскенелери, механизмлер, киши техникалар ҳәм керекли инвентарьлар сатып алынып, Өзбекстанға жибериўге таярлықлар көрилмекте. Қытайлы қәнигелер тәрепинен орайдың «Саманбай» ҳәм «Мойнақ» илимий-өндирислик участкаларында суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў, киши метеостанцияны орнатыў жумыслары алып барылды.
Усы жылдың февраль айының басында Глобал жасыл өсиў институты (GGGI, Қубла Корея) басшылығында Арал теңизи жойбары («Арал апатшылығы ақыбетлерин сапластырыўға Қарақалпақстан Республикасы ушын экологиялық реаблитациялық инвестиция жойбары», 5,6 миллион АҚШ доллары, 3 жыл) Корея ҳүкимети тәрепинен мақулланды ҳәм GGGI оны усы жылдың август айында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Аралбойы халықаралық инновация орайы ҳәм басқа да тийисли министрликлер, комитетлер, шөлкемлер менен биргеликте әмелге асырыўды баслаў нәзерде тутылған. Жойбар Арал теңизи апатшылығынан Өзбекстандағы қоршаған орталықты тиклеўге жәрдемлесиў ҳәм ең көп зыян көрген аймақлардағы халық ушын тәбийғый апатшылықларға шыдам берип жасаўды тәмийинлеў ушын турмыслық илажларды ислеп шығыўға қаратылған.
Ҳәзирги ўақытта Аралбойы халықаралық инновация орайы тәрепинен аўыл ҳәм суў хожалығы тараўларына, сондай-ақ, илимий-изертлеўлер, экология ҳәм туризм бағдарына инновациялық усылларды енгизиў ушын бирге ислесиўлерди орнатыў бойынша сырт еллердиң тийисли шөлкемлери менен сөйлесиўлер алып барылмақта. Исеним менен айтыў мүмкин, орайдың жергиликли ҳәм сырт елли бирге ислесиўшилер менен шериклик қатнасықлары, әлбетте, унамлы табыслардың жоқары шоққыларына шығады ҳәм биргеликтеги ҳәрекетлеримиздиң нәтийжесинде халықаралық инновация орайы Аралбойын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағына айландырыў ушын бирден-бир платформаға айланады.
Сәўбетлескен Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы