Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 10-марттағы «2020-2021-жылларға мөлшерленген ишки ҳәм сыртқы базарларда талап етип алынатуғын өндиристи локализациялаў бағдарламасы ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып «Өзбекнефтьгаз» АЖ тәрепинен Үстирт газ-химия комплекси негизинде водород толтырыў станциясының қурылысы әмелге асырылмақта, деп хабар береди «Өзбекнефтьгаз» АЖның баспасөз хызмети.
Жойбарды әмелге асырыў басқарма бөлими ҳәм орайлық завод лабораториясының анализаторлары ушын жумсалатуғын жоқары тазалықтағы водород (99,999 процент) импорттың орнын басыўға имканият береди.
Бүгинги күнге шекем Үстрит-газ химия комплексинде жылына 950 баллон водородқа талап болып, ҳәр бир баллон ушын орташа 209 АҚШ доллары муғдарындағы қаржылар жумсалатуғын еди. Водород Россия Федерациясы, Қубла Корея, Қытай Халық Республикасы ҳәм басқа да мәмлекетлерден импорт етилип келмекте.
Усы жойбардың әмелге асырылыўы импорттың орнын басыў ҳәм жоқары тазалықтағы водородқа байланыслы мәселелерди сапластырыў себепли комплекстиң онлайн анализаторлары үзликсиз жумыс алып барыўын тәмийинлеў имканиятын береди.
Жойбардың баҳасы 150 мың АҚШ долларына тең болып, ол кәрхананың өз қаржылары есабынан қаржыландырылмақта. Жойбар «Еаst-Wеst Engineering» ЖШЖның жойбарлаў институты тәрепинен таярланған жумысшы ҳүжжетлерге муўапық әмелге асырылмақта.
Заводтың жыллық қуўатлылығы 15000 куб метр водород газин қурайды. Бул қуўатлылық жоқары тазалықтағы водородтың артықша көлемин (жылына дерлик 9000 куб метр) алыў ҳәм оны Өзбекстан Республикасының ишки базарында сатыў имканиятын береди. Жойбарды әмелге асырыў нәтийжесинде жылына 200 мың АҚШ долларына шамалас валюта қаржыларының үнемлениўине ерисиледи.
Ҳәзирги ўақытта усы жойбар шеңберинде водород қуйыў станциясы толық қурып питкерилди ҳәм жойбар ҳүжжетлерине муўапық өним ислеп шығарыў баслап жиберилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги